Өзбекстан Республикасының Куала-Лумпурдағы елшиханасында Малайзияда жасайтуғын мәмлекетимиз пуқараларының нызамлылық ҳуқықы ҳәм мәпин қорғаў мәселесине бағышланған ушырасыў болып өтти.

Усы мәмлекет Ишки ислер министрлиги жанындағы «Семених» Сырт елли пуқараларды  ўақтынша сақлаў орайы баслығының қатнасыўындағы сөйлесиў даўамында Өзбекстанда қәўипсиз мийнет миграциясын шөлкемлестириў ҳәм сырт елде ислеп атырған ўатанласларды ҳәр  тәреплеме қоллап-қуўатлаў мақсетинде әмелге асырылып атырған илажлар ҳаққында мағлыўмат берилди.

Өз гезегинде Орайдың баслығы ҳәр жылы Малайзияға 29 миллион сырт елли пуқаралар келип атырғанына әҳмийет қаратып, олардың айырымлары жергиликли нызамларды бузыў жағдайлары ушырасып туратуғынын айтты. Қағыйдабузарлар арасында  пуқараларымыз жоқ екенлиги атап өтилди.

Ушырасыў жуўмағында Өзбекстан  пуқараларына зәрүр юридикалық ҳәм басқа  түрде жәрдем көрсетиў ушын тығыз байланыс орнатыўға келисилди. Малайзия тәрепи де сырт елли пуқараларды ўақтынша сақлаў орайы тәжирийбеси менен алмасыў мақсетинде республикамыздың ўәкиликли уйымлары менен бирге ислесиўге таяр екенлигин билдирди.

Азиза Алимова, ӨзА