Өзбекстан Республикасы Президенти «Аймақларда санаат потенциалын жәнеде арттырыў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарарды қабыл етти.
Оған муўапық , мәмлекеттиң барлық район ҳәм қалаларында санаат кәрханалары менен ислесиў бойынша «республика –ўәлаят -район» принципи тийкарында вертикал система жолға қойылады.
Аймақларда санаат кәрханалары менен мәнзилли ислесиў мақсетинде:
район ҳәм қалаларда ҳәкимниң биринши орынбасары басшылығында салық ҳәм статистика уйымлары, банклер ҳәм экономикалық инфраструктура кәрханаларының басшыларын өз ишине алатуғын аймақлық штаблар;
экономика ҳәм қаржы министриниң орынбасары басшылығында аймақлық штаблардың жумысын муўапықластырыўшы Республикалық штаб дүзиледи.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы, ўәлаятлар, Ташкент қаласы ҳәкимлериниң қаржы-экономика ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў мәселелери бойынша биринши орынбасарлары және район ҳәм қала ҳәкимлери аймақлық штаблардың жумысын нәтийжели шөлкемлестириў, кәрханалардың нәтийжеллигин арттырыў ҳәм олардың машқалаларын жедел шешиўге ҳәр тәреплеме жәрдем бериў ушын жеке жуўапкер есапланады.
Энергетика министрлиги, Орайлық банк, Салық ҳәм Бажыхана комитетлери, Статистика агентлиги ҳәм басқа республикалық атқарыў ҳәкимияты уйымлары тәрепинен Республикалық штабтың сораўына муўапық, санаат кәрханаларына байланыслы мағлыўматлар аймақлық штабларға усыныс етилиўи тәмийинленеди.
Аймақлық штаблар тәрепинен ҳәр ҳәптеде санаат кәрханаларының машқалаларын шешиў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслардың жағдайы бойынша мағлыўматлар Республика штабына, Республика штабы тәрепинен болса ҳәр айда аймақлар кесиминдеги мағлыўматлар ҳәм системалы машқалаларды шешиў бойынша усыныслар Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы ҳәм Министрлер Кабинетине киргизиледи.
2024-жыл 1-сентябрьден баслап:
Қарақалпақстан Республикасы Экономика ҳәм қаржы министрлиги, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы экономика ҳәм қаржы бас басқармалары қурамында Санаатты раўажландырыў жыйнақ бөлимлери шөлкемлестириледи;
районлар (қалалар) экономика ҳәм қаржы бөлимлеринде санаатты раўажландырыў бойынша бас қәниге лаўазымы енгизиледи.
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы, Ташкент қаласы, район ҳәм қалалар ҳәкимлериниң қаржы-экономика ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў мәселелери бойынша биринши орынбасарлары бир ўақыттың өзинде:
Қарақалпақстан Республикасы экономика ҳәм қаржы министри, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы экономика ҳәм қаржы бас басқармаларының баслығы:
Районлық (қалалық) экономика ҳәм қаржы бөлимлериниң баслығы етип белгиленеди.
ӨзА