Балаларды зорлықтан қорғаў бойынша бир пүтин, беккем ҳәм исенимли система жаратылады

479

Сенат жалпы мәжилисинде «Балаларды зорлықтың барлық түрлеринен қорғаў ҳаққында»ғы нызам мақулланды.

Сенат Баслығы Танзила Норбоева бул нызам бойынша мүнәсибет билдирди. Ақырғы үш жылда еки мыңнан аслам шахс ата-аналық ҳуқықынан айырылғаны жәмийетимизге ҳеш қандай туўра келмейтуғын жағдай екенин атап өтти.

-Балаларға байланыслы аяўсыз қатнасықты кеширип болмайды, бул ҳаққында жәмийетшилик белсендилери де өз мүнәсибетлерин билдирип келмекте,-деди Т Норбоева. – Бундай жағдайларға нызамлы жаза түрлерин күшейтиў ўақыты келди. Дурыс, балалардың ҳуқықларын беккемлеў, мәплерин тәмийинлеў мәселелери, әсиресе, зорлыққа жол қоймаслық бойынша жүдә үлкен жумыслар әмелге асырылмақта. Бул процессте жәмийетшилик, атап айтқанда, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер, ғалаба хабар қураллары ўәкиллери де белсене қатнасып атырғаны жақсы нәтийже бермекте. Бирақ нызамшылықты және де беккемлеў, зорлыққа нызамлы тосық қойыўдың әҳмийети болса жүдә үлкен. Президент жанындағы Социаллық қорғаў миллий агентлиги усы мәселеде баслама менен шыққан. Биз мине усы агентликке миннетдаршылық билдиремиз. Себеби әйне олардың басламасы менен бул нызам Нызамшылық палатасына киргизилди. Бул нызам балаларды зорлықтың барлық түрлеринен қорғаў бойынша бир пүтин, беккем ҳәм исенимли система жаратылыўына хызмет етеди.

-Ҳәр қашан, нызамлар жақсы қабыл етиледи, халықаралық стандартларға жуўап береди, миллий мәплеримизге сәйкес келеди, деп айтамыз бирақ олардың әмелияты- ең тийкарғы жумыс. Оның ушын нызам қабыл етилгеннен соң, әлбетте машқалаға көзқарасты өзгертиў керек.  Соны ислесиўимиз керек болады, ҳәр қандай зорлық сапластырылсын. Жергиликли кеңес депутатлары да нызамды алып, мәҳәллелерде тыныш емес шаңарақлар арасында, мектеплерде, мектепке шекемги билимлендириў мәкемелеринде, улыўма алғанда, жаслар, ата-аналар арасында үгит-нәсият жумысларын нәтийжели шөлкемлестириў, онда, шаңарақлар, балалар менен ислесиўши структуралар максимал дәрежеде қамтып алыныўына итибар қаратыў керек. Бул бойынша медиа имканиятларын нәтийжели алып барыў мақсетке муўапық,-деди Сенат Баслығы.

Орынларда «мәҳәлле жетилиги» менен биргеликте жумыс ислеў зәрүрлиги, Социаллық қорғаў миллий агентлигиниң ең төменги буўынларының хызметкерлерин бириктириў кереклиги атап өтилди. Бул бойынша хызметкерлердиң таярлықлары ҳәм заманагөй стандартларға  сәйкес түрде өз жумысын билиўи жүдә әҳмийетли.

Социаллық қорғаў мәселесине байланыслы системаның Президент жанындағы енгизилгени бул мәселеге мәмлекетимизди қаншелли итибар берип атырғанынан дәрек береди. Социаллық қорғаў миллий агентлигиниң статусы жоқары етип қойылғаны да бийкарға емес. Себеби машқала бар. Билимлендириў, тәрбия, медициналық хызмет мәселесинде зорлыққа ушыраған балалар бойынша машқала болмаслығы мүмкин, бирақ зорлық  еткен шахслар менен ислесиўде машқала бар. Әлбетте, бул система бойынша прокуратура, Ишки ислер министрлигинде хызметкерлерди оқытыў, қайта таярлаў ушын оқыў мәкемелеринде қысқа мүддетли курслар шөлкемлестирилиўи керек. Дүзетиў бағдарламалары менен таныстырылып, зорлық ислеўшилер менен өз алдына жумысларды жолға қойыў керек.

ӨзА