Мәмлекетлик пуқаралық хызметин шөлкемлестириў системасы жетилистириледи

Мәмлекетлик хызметти раўажландырыў агентлиги ҳәм Стратегиялық реформалар агентлиги тәрепинен Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Мәмлекетлик пуқаралық хызметин шөлкемлестириў системасын жетилистириўдиң қосымша илажлары ҳәққында»ғы пәрманы жойбары таярланды.
Онда мәмлекетлик хызметти раўажландырыў агентлиги –Мәмлекетлик басқарыў академиясы ҳәм «Эл-юрт умиди» қорының турақлы бирге ислесиўине тийкарланған мәмлекет хызметинде кадрлар таярлаў кластерин енгизиў нәзерде тутылған.
Мәмлекетлик хызметкерлер менен мийнет шәртнамасы дәслеп бир жыл мүддетке дүзилиўи ҳәм соңынан жумысының унамлы нәтийжелерине бола шәртнама турақлы мүддетке созылыўы белгиленбекте. Мәмлекетлик хызметке ең биринши рет қабыл етилгенлер дәслеп мәжбүрий қайта таярлаў курсларында, соңынан ҳәр үш жылда маманлығын арттырып барыўы нәзерде тутылмақта.
Сондай-ақ, басшылыққа қәбилетли кадрларды таңлаў тийкарында кеңнен тартыўға қаратылған «ТОП-100» бағдарламасын енгизиўге байланыслы усыныс ислеп шығылған.
Мәмлекетлик хызметкерлерде кәсиплик мәдениятты қәлиплестириў мақсетинде Агентликте әдеп-икрамлылық комиссияларының жумысын муўапықластырыў бойынша бөлимин шөлкемлестириў нәзерде тутылған.
Мәмлекетлик уйымлардағы лаўазымларды ийелеў бойынша ашық танлаўларды өткериўдиң ҳуқықый қағыйдалары беккемленбекте ҳәм бул тараўда нызамбузылыў жағдайларына жуўапкершилик күшейтилмекте.
Мәмлекетлик хызметте айлық мийнет хақы системасын түп-тийкарынан реформалаў белгиленбекте. Онда лаўазымлар жүкленген ўазыйпалардың қурамалылығы дәрежесине бола «грейд» (класс) лерге ажыратылып, мийнет ҳақы белгилениўи нәзерде тутылған.
Мәмлекетлик хызметти раўажландырыў агентлиги структурасында басшы кадрларды баҳалаў орайы шөлкемлестирилиўи нәзерде тутылған.
ӨзА