Қурылыс тараўында ашық-айдынлықты тәмийинлеўде санластырыў процесинен қалай пайдаланылмақта?

Ҳәзирги күнде пуқараларға қурылып атырған объектлер ҳаққында еркин түрде мәлимлеме алыў, нызамсыз қурылысларды анықлаў, қурылыс объектлеринде анықланған нызамбузыўшылықларды көрсетиў (фото ҳәм видеоматериаллар көринисинде) ҳәм оларды қурылыс тараўындағы қадағалаў бойынша ўәкилликли уйымларға жибериў имканиятын бериўши «Огоҳ фуқаро» электрон системасы жаратылған.
Пайдаланыўшылар ушын қолайлық жаратыў мақсетинде OneID-Бирден-бир идентификация системасына интеграцияланған. Система жәмийетшилик ўәкиллерине республикамызда нызамсыз қурылып атырған объектлер ҳаққындағы мағлыўматларды фото ҳәм видео көринисинде жибериў имканиятын береди.

Мобиль қосымшаның бас бетинде объектлер қартасы жаратылған болып, онда ўәлаятлар кесиминде статистикалық есабатлар ҳәм объектлер санын, ҳәр бир объекттиң мәнзили, атамасы, жумысты бөлип алып ислеўши, арза саны, объект дизимнен өткен ҳәм пайдаланыўға тапсырылған сәне ҳәм басқа да бир қатар мағлыўматларды көриў имканияты жаратылған.
Бул ҳаққында парламент төменги палатасының мәжилисинде айтып өтилди. Онда қурылыс ҳәм турақ жай коммуналлық хожалығы министри ўазыйпасын атқарыўшы Ш.Ҳидоятовқа «Қурылыс тараўының ашық-айдынлығын тәмийинлеў ҳәм қурылыс жумысларын бақлап барыў ушын жәмийетшиликке имканият жаратыў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында» жиберилген парламент сораўына берилген жуўап көрип шығылды.

Парламент сораўында пуқараларға қурылып атырған объектлер ҳаққында еркин түрде мәлимлеме алыў, нызамсыз қурылысларды анықлаў, «Огоҳ фуқаро» ҳәм «Шаффоф қурилиш» миллий мәлимлеме системасының электрон платформалары ҳәм геопорталдан нәтийжели пайдаланыў бағдарында алып барылып атырған жумыслар бойынша тийкарланған түсиниклер бериў соралған еди.
Мәжилисте атап өтилгениндей, қурылыс тараўында ашық-айдынлықты тәмийинлеўге хызмет ететуғын «Шаффоф қурилиш» миллий мәлимлеме системасын иске қосыў бойынша министрлик тәрепинен бир қатар жумыслар әмелге асырылмақта. Атап айтқанда, «Қурылыс тараўында мәлимлеме-коммуникация технологияларын раўажландырыў орайы» тәрепинен система шеңберинде «Қурылыста сапа қадағалаўы», «Жойбарлаў-смета ҳүжжетлери экспертизасы», «Жойбарлаў-смета ҳүжжетлери экспертиза жуўмақлары» электрон реестри, «Инвестиция бағдарламасындағы объектлер қурылысы мониторинги» мәлимлеме системалары ҳәм «Қурылыс тараўында мәмлекетлик хызметлер» платформасы ислеп шығылып, иске қосылған.
Бул мәлимлеме системалары 15 министрлик ҳәм уйымның мәлимлеме системалары менен толық интеграцияланған. Нәтийжеде система 2021-жыл 1-январьдан баслап республиканың барлық аймағында толық иске қосылған.
Урбанизация ҳәм қала қурылысы ҳүжжетлерин ислеп шығыў Республика орайының жумысы шөлкемлестирилип, оған «Мәмлекетлик қала қурылысы геомәлимлеме системасы» уйымлар аралық геомәлимлеме бағдарламалық комплексин алып барыў ҳәм оператор функциясын орынлаў, сондай-ақ, усы системаға мағлыўматларды жайластырыў, сақлаў, мағлыўматлар алмасыўын тәмийинлеў ҳәм олардан пайдаланыў ҳуқықларын басқарыў ўәкиллиги берилген.
Сондай-ақ, Мәмлекетлик бағдарламалар шеңберинде ислеп шығылып, белгиленген тәртипте тастыйықланған қала қурылысы ҳүжжетлери турақлы түрде Мәмлекетлик қала қурылысы геомәлимлеме системасына киргизилип келинбекте.
М.Комилова,
ӨзА