Экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериўи министри Азиз Абдуҳакимов ҳәм Азия раўажланыў банки (АРБ) президенти администрациясының климат өзгериўи бойынша үлкен мәсләҳәтшиси Уоррен Эванс арасында ушырасыў болып өтти.

Сөйлесиў процесинде «Музлықлардан фермер хожалықларына шекем» (G2F) регионаллық жойбары мәселелери де усы жойбарды БМШтың климат өзгериўи бойынша дөгерек конвенциясы (СОР-29) қатнасыўшыларының 29-конференциясында жоқары дәрежеде бериў мәселелери додаланды.

Атап өтилиўинше, Жасыл климат қоры тәрепинен ажыратылган улыўма бюджети 1,5 миллион АҚШ доллары болған регионаллық G2F жойбарын таярлаў бағдарламасы алдын тастыйықланған болып, усы бағдарлама шеңберинде Ферғана алабындағы Нарын дәрьясы ушын толық изертлеўлер ҳәм климат қәўпин баҳалаў әмелге асырылады.

–АРБның қоллап-қуўатлаўы ҳәм бирге ислесиўи, сондай-ақ, регионаллық бирге ислесиўди беккемлеў Орайлық Азияның абырайын арттырыў ҳәм регионның пайдасы жолында климат өзгериўи ҳәм қәўипсизлик машқалаларын шешиў үлкен әҳмийетке ийе, – дейди А.Абдуҳакимов. – Тәбият шегара билмейди. Бес мәмлекет – бир даўыс, бир қүн тәртиби. Биз бәршемиз климат өзгериўиниң унамсыз тәсириң, атап айтқанда, климат миграциясы, суў дағдарысы, аз өним ҳәм төмен дәрамат сыяқлы машқалаларды басымыздан өткермектемиз. Бизиң биргеликтеги ҳәрекетлеримиз, жойбар ҳәм бағдарламаларымыз өз-ара исеним ҳәм ҳүрмет орталығын, халықаралық бирге ислесиўди беккемлеўге хызмет етеди.

АРБ G2F жойбары туризм ҳәм экономиканың басқа тармақларын раўажландырыў потенциалына ийе бәлент таўлы аўылларды турақлы раўажландырыўға қаратылады. АРБ тәрепи климат мигшрациясы қәўипли ҳәдийселер менен тығыз байланыслы екенин атап өтти ҳәм ҳәзирги ўақытта Социаллық қорғаў миллий агентлиги менен биргеликте мәмлекет бойлап 9 мың 500 дан аслам мәҳәллеге тәсир көрсететуғын жойбар көрип шығылмақта.

Ушырасыўда АРБ жуўапкерлери мәмлекетте климат өзгериўи бойынша әмелге асырылып атырған реформаларды жоқары баҳалады.

Сондай-ақ, АРБ климат өзгериўи бойынша климат өзгериўи бойынша курс ислеп шығыў ҳәм “Green University”де шөлкемлестирилген климат резиденциясына экспертлерди тартыў шеңберинде тәжирийбе алмасыўға жәрдем бериўге таяр екенин билдирди.

Муҳайё Тошқораева, ӨзА