Нызамсыз қурылмаларды бузыўға байланыслы жумысларды көрип шығыў тәртиплери белгиленбекте

668

Олий Мажлис Нызамшылық палатасының мәжилисинде жер участкаларынан нәтийжели пайдаланыў ҳәм тараўдағы ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў механизмлерин жетилистириўге қаратылған нызам жойбары екинши оқылыўда көрип шығылды.

-Бул нызам жойбары менен жер ҳаққындағы нызамшылық ҳүжжетлери талапларын бузғанлық пенен байланыслы кылмысы ушын жуўапкерлик илажлары күшейтилмекте,- деди депутат Дилором Имомова. – Атап айтқанда, Жынаят, Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы ҳәм Жынаят-процессуал кодекслеринде жер участкаларын өзбасымшалық пенен ийелеп алыў менен байланыслы жынаятлар прокуратура уйымларының тергеўине тийисли екени белгиленбекте.

Буннан тысқары,  Экономикалық ҳәм Пуқаралық процессуал кодекслери судларда өз басымшалық пенен ийеленген мәмлекет ийелигиндеги жер участкаларын қайтарыў ҳәм нызамсыз қурылмаларды бузып таслаўға байланыслы жумысларды көрип шығыўдың айрықша тәртибин белгилеўши нормалар менен толықтырылмақта. Сондай-ақ, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары пуқаралық ҳәм экономикалық судларға жер ҳаққындағы нызам бузылыўы менен байланыслы арза киргизгенде, мәмлекетлик бажыдан азат етилиўи белгиленбекте.

Депутат нызам жойбарын екинши оқылыўға таярлаў даўамындағы өзгерислер ҳаққында да толық мағлыўмат берди.

Атап өтилгениндей, бул нызам жойбарының қабыл етилиўи жер ресурсларынан ақылға уғрас ҳәм мақсетли пайдаланыўды тәмийинлеў, жерлерди нызамсыз түрде ийелеп алыўдың алдын алыў, жер нызамшылығына әмел етиўде хызмет етеди.

Мәжилисте нызам жойбары депутатлар тәрепинен қабыл етилди.

 ӨзА