Қытай делегациясы – Самарқандта

Қытай Инсан ҳуқықларын үйрениў жәмийети турақлы комитети баслығының орынбасары Цзян Цзяньго басшылығындағы делегация бүгин Самарқанд қаласында болды.
Мийманлар Әмир Темур мақбарасы, Регистан комплекси ҳәм басқа тарийхый – мәдений естеликлер, дыққатқа ылайық орынлар менен жақыннан танысты. Қытай делегациясына бул естеликлердиң жаратылыў тарийхы ҳәм ата-бабаларымыздың дөретиўшилик потенциалы, елимизде бул мийрасты қәстерлеп-сақлаў бойынша алып барылып атырған жумыслар ҳақққында толық мағлыўмат берилди.
Цзян Цзяньго Самарқанд ески уллы жипек жолының кесилиспесинде жайласқан қала сыпатында регионда саўда-экономикалық қатнасықлар, илим ҳәм мәденияттың раўажланыўына үлкен үлес қосқанын атап өтти.
Конференция инсан ҳуқықы тарўындағы бирге ислесиўди беккемлеў ҳәм ҳәр тәреплеме тәжирийбе алмасыў, тараўға байланыслы әҳмийетли глобал тенденциялар ҳәм регионаллық өзгешеликлерди додалаў, ҳәр еки мәмлекетте инсан ҳуқықы менен байланыслы жағдайды жақсылаўға қаратылған биргеликтеги стратегия ҳәм басламаларды ислеп шығыў мақсетинде шөлкемлестирилген еди.
ӨзА