Өзбекстан- Түркия: аўыл хожалығында қамсызландырыў системасы енгизиледи

Бүгин мәмлекетимиз аўыл хожалығы министриниң орынбасары Акмал Қосимов Түркия Республикасы Аўыл ҳәм тоғай хожалығы министриниң орынбасары Боғчи Ахмед пенен ушырасты.
Бирге ислесиўди раўажландырыў мәселеси додаланған илажда мәмлекетимиз аўыл хожалығында Түркия тәжирийбеси тийкарында қамсызландырыў системасын енгизиў бойынша алып барылып атырған жумыслар ҳаққында мағлыўмат берилди.

Түркиялы қәнигелердиң жәрдеминде қәнигелер таярлаў зәрүрлиги атап өтилди. Сондай-ақ, усы бағдарда жеке меншик секторды жетилистириў имканияты додаланды.

Келешекте еки мәмлекет илимпазларының қатнасыўында семинар өткериў мақсетке муўапық екенлиги атап өтилди.


Ушырасыў жуўмағында азық-аўқат өнимлерин қайта ислеў тараўындағы байланысларды кеңейтиў бойынша пикир алысылды, әмелге асырылатуғын кең көлемли жумыслар белгилеп алынды.
Муҳаррама Пирматова, ӨзА