Өзбекстан Экологиялық партиясы сайлаўда қатнасыў бойынша қарар қабыл етти

Сайлаў-2024
Өзбекстан Экологиялық партиясының гезексиз пленумы болып өтти.
Илажда Өзбекстан Экологиялық партиясы Орайлық Кеңеси ағзалары, аймақлық ҳәм район (қала)лық ҳәм басланғыш партия шөлкемлери баслықлары, белсендилер, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.
Мәжилис күн тәртибине муўапық Орайлық сайлаў комиссиясы тәрепинен Олий Мажлис Нызамшылық палатасы, Қарақалпақстан Республикасы Жоқары Кеңеси, халық депутатлары ўәлаят, районлық ҳәм қалалық Кеңеслерине сайлаў бойынша кампания басланғаны жәрияланыўы мүнәсибети менен партияның бул сайлаўда қатнасыўына байланыслы мәселе додаланды.
Пленумда партия жетекшиси Абдушукур Ҳамзаев баянат жасап, усы жылғы сайлаў пүткиллей басқаша – аралас сайлаў системасы тийкарында өтип атырғанлығы, бул процесс сиясий партиялардан айрықша белсендилик талап ететуғынын атап өтти.
Болажақ сайлаўда партиямыз электораты, көп мың санлы жәмәәтимиз, депутатлар, алымлар корпусы, ана тәбиятқа бийпәрўа болмаған барлық белсендилер алдында жуўапкерли сынақ, мәмлекет турмысына байланыслы жуўапкершилик турыпты,- деди партия баслығы. – Мәмлекетимиздиң сиясий майданында өз орнына ийе Өзбекстан Экологиялық партиясы парламент сайлаўында мүнәсип қатнасып, жоқары нәтийжелерге ерисиў тәрепдары. Шөлкемлестирилгенине енди бес жыл болыўына қарамастан, партиямыз өткен дәўир даўамында барлық әҳмийетли сиясий процесслерде белсене қатнасты. Мақсетимиз мәмлекеттиң турақлы раўажланыўы барысында экологиялық қәўипсизликке ерисиў, ҳәзирги ҳәм келешек әўлад ушын қолайлы орталықты жаратыў ҳәм тәбийғый ресурсларды сақлаўға бағдарланған мәмлекетлик сиясатты жүзеге шығарыўдан ибарат.
Мәжилисте Өзбекстан Экологиялық партиясының сайлаўда қатнасыўы бойынша исенимли қарар қабыл етилди. Быйылғы парламенттиң төменги палатасы ҳәм халық депутатлары Кеңеслерине сайлаў кампаниясында партияның қатнасыўы бойынша, Сайлаў кодексине муўапық, Орайлық сайлаў комиссиясына арза тапсырылыўы мақулланды.
Енди партия сайлаўда қатнасыўын коллап-қуўатлаўшы кеминде қырқ мың сайлаўшының қол таңбасын топлаўға кириседи. Сондай-ақ, партия Орайлық Кеңеси тәрепинен орайлық, аймақлық ҳәм район (қала)лық партия шөлкемлери жанында сайлаў штаблары дүзиледи.
Гибридли усылда өткен пленумда партияның аймақлық, районлық ҳәм қалалық партия шөлкемлери конференциялары ҳәм партия форумын жоқары дәрежеде өткериў бойынша барлық структуралар алдында турған ўазыйпалар белгилеп берилди.
Додалаў процесинде аймақлық шөлкемлер ўәкиллери, белсендилер шығып сөйлеп, усы сайлаўға қызғын таярлық көриў бойынша усыныслар билдирди.
ӨзА