Суд ҳүкими талапларын орынламаў аўыррақ жуўапкершиликке себеп болады

Олий Мажлис Нызамшылық палатасыныӊ гезектеги мәжилисинде қадағалаў астындағы шахслар тәрепинен ҳуқықбузарлықлар әмелге асырылыўыныӊ алдын алыўға қаратылған нызам жойбары депутатлар тәрепинен биринши оқыўда көрип шығылды.
Ишки ислер министриниӊ орынбасары Б.Абдуллаев ҳүжжет бойынша баянат жасап, ҳәзирги күнде республикамызда ҳәкимшилик қадағалаў ҳәм пробация қадағалыўындағы шахслар арасында профилактикалық илажлар әмелге асырылып атырғанына қарамастан, пробация қадағалыўындағы шахслар тәрепинен ҳуқықбузарлықлар әмелге асырылып атырған жағдайлар артып баратырғанын атап өтти. Бул болса усы бағдардағы ҳуқықый тәсир илажларын қайта көрип шығыўды талап етпекте.
Атап өтилгениндей, нызам жойбары менен Жынаят ҳәм Жынаят-атқарыў кодекслерине ҳәм Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекслерине ҳәкимшилик қадағалаў ҳәм пробация қадағалаўындағы шахсларға салыстырмалы тәсиршеӊ илажлар көрилиўин тәмийинлеў ҳәм ишки ислер уйымлары пробация бөлимлери хызметкерлериниӊ ўәкилликлерин кеӊейтиўди нәзерде тутатуғын өзгерис ҳәм қосымшалар киргизилмекте. Яғный, ишки ислер уйымлары атынан 185-2 ҳәм 187-статьялары бойынша пробация қадағалаўындағы шахсларға ҳәкимшилик ҳуқықбузарлықлар ҳаққындағы протоколды дүзиў ўәкиллиги пробация хызметиниӊ үлкен инспекторы (инспекторы)на бериў усыныс етилмекте.

Соныӊ менен бирге, арнаўлы ҳуқықтан айырыў жолы менен жазаны өтеў дәўиринде ҳүким талапларын орынламағанығы ушын жуўапкершилик белгиленбекте. Нызам жойбарыныӊ қабыл етилиўин келешекте пробация қадағалаўындағы шахслар тәрепинен ҳуқықбузарлықлар әмелге асырылыўыныӊ алдын алыў ҳәм оларға қолланылатуғын тәсир илажларыныӊ нәтийжелилиги артыўына алып келеди.
Муҳтарама Комилова, ӨзА