Парламент төменги палатасының мәжилисинде «Мәмлекетлик сатып алыўлары ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамына мәмлекетлик сатыўлары және жеделлестириўге қаратылған қосымша ҳәм өзгерислер киргизиў ҳаққында»ғы нызам жойбары екинши оқылыўда көрип шығылды.
Атап өтилгениндей, бул нызам жойбары менен мәмлекетлик сатып алыўларында турақлылық принциплерин енгизиў арқалы мәмлекетлик буйыртпаларына қосымша имканиятлар жаратыў белгиленбекте. Сондай-ақ, мәмлекетлик сатып алыўлары тараўындағы шағымларды көрип шығыў бойынша комиссияға келип түскен шағымларды көрип шығыў тәртибин Министрлер Кабинети тәрепинен тастыйықлаў нәзерде тутылмақта. Буннан тысқары, судтың қарарына бола, алдаўшылық, қалбекилестириў ҳәм коррупция менен байланыслы жынаятларды уйымластырғанлықта айыплы деп табылған қатнасыўшыларды автоматластырылған тәризде Инсапсыз орынлаўшылардың бирден-бир реестрине киргизиў усыныс етилмекте.
Мәмлекетлик буйыртпасы зәрүрликке бола, ең жақсы усынысларды танлаў яки тендер нәтийжелери бойынша келисим дүзиў, жаңа сатып алыў түри есапланған киши баҳадағы сатып алыў ушын әпиўайыластырылған тәртибин енгизиў ҳәм нызам жойбарында өз көринисин таппақта.
Нызам жойбарының қабыл етилиўи мәмлекетлик сатып алыўлары системасында ашықлықты тәмийинлеў, алдыңғы сырт мәмлекетлериниң тәжирийбеси тийкарында мәмлекетлик сатып алыўлары тараўындағы сатып алыў тәртип-қағыйдаларын және де жеделлестириў ҳәм мәмлекетлик сатып алыў процесслерине исбилерменлик субъектлерин кеңнен тартыўға хызмет етеди.
ӨзА