Әдиллик министриниӊ орынбасары А.Каримов Қырғызстан Республикасына әмелге асырылған сапары шеӊберинде Қырғызстан Республикасы Әдиллик министри А.Баетов пенен еки тәреплеме ушырасыў өткерди.
Ушырасыў даўамында тәреплер еки министрлик арасында бирге ислесиўдиӊ бүгинги жағдайы, нызам үстинлигин беккемлеў, инсан ҳуқықларын тәмийинлеў, норма дөретиўшилиги жумысын жетилистириў бойынша өз-ара бирге ислесиў мәселелерин додалады.
Атап айтқанда, Өзбекстан ҳәм Қырғызстан Әдиллик министрликлери арасында 2024-2025-жылларға мөлшерленген бирге ислесиў бағдарламасы шеӊберинде әмелге асырылып атырған биргеликтеги илажлар шеӊберинде ерисилген анық нәтийжелер толық көрип шығылды.
Сондай-ақ, быйылғы жылы Өзбекстан Республикасы әдиллик министри басшылығында өткерилиўи режелестирилген ҒМДА ға ағза мәмлекетлердиӊ әдиллик министрлери кеӊесиниӊ гезектеги мәжилиси бойынша бир қатар әҳмийетли мәселелер додаланды.
Ушырасыў жуўмағында тәреплер бирге ислесиў дәрежесин жоқары баҳалап, еки тәреплеме қатнасықларды және де беккемлеў ҳәм раўажландырыўға таяр екенин билдирди.
Ушырасыў дослық ҳәм конструктивлик руўхта өтти.
Н.Абдураимова, ӨзА