Өзбекстан-Қырғызстан: Бирге ислесиўди раўажландырыў мәселелери додаланды.

Ташкент қаласы ҳәкимлигинде Қырғызстанның Өзбекстандағы Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Муса Жаманбаев пенен ушырасыў болып өтти.
Онда Ташкент қаласы ҳәкими Шавкат Умурзақов мәмлекетлеримиз арасындағы қатнасықлар еки мәмлекет жетекшилериниң жоқары дәрежедеги ушырасыўы ҳәм сөйлесиўлери себепли ерисилген стратегиялық бирге ислесиў тийкарында раўажланып атырғанын атап өтти. Пайтахт ҳәкимлиги көп жыллық дослық ҳәм туўысқанлық байланысларына тийкарланған бирге ислесиўди және де раўажландырыўға таяр екенлиги билдирилди.
Муса Жаманбаев соңғы жыллары Өзбекстанда халықтың абаданлығы ҳәм турақлы раўажланыў жолында кең көлемли реформалар әмелге асырылғанын айтты. Оның атап өткениндей, халықтың турмыс дәрежесин арттырыў, сондай-ақ, саяхатшылардың мәдений дем алыўы ушын имканиятлар ҳәм шараятлар жаратылмақта.
Ташкент ҳәм Бишкек және Ош қалалары арасында дослық қатнасықларын орнатыў кереклигин айтып, мәмлекетлеримиз қалалары арасында саўда-экономикалық, мәдений-гуманитарлық, социаллық, инвестициялық ҳәм басқа жойбарларды жеделлестириў, сондай-ақ, өз-ара пайдалы қала делегациялары сапарларын әмелге асырыў усынысын билдирди.
Сондай-ақ, Шавкат Умурзақов Қырғызстан елшисиниң усыныс ҳәм басламалары Ташкент ушын әҳмийетли екенин айтып, барлық бағдарда биргеликте ислеў, пайда болған қатнасықларды ҳәр тәреплеме кеңейтиў ҳәм раўажландырыўға таяр екенлигин билдирди.
Тәреплер ең нәтийжели шешимлерге ерисиў ушын әмелий қатнасықты даўам еттириўге келисип алды.
ӨзА