Министрлер Кабинетиниң тийисли қарарына муўапық, усы жылы 15-июль күнинен баслап ЖБОларда оқыўды көшириў процесслери басланады.

Оқыўды  көшириў ушын арзалар 5-август күнине шекем даўам етеди ҳәм төмендеги 2 платформа арқалы қабыл етиледи:

transfer.edu.uz – мәмлекетлик ЖБОның биринен басқасына;

my.uzbmb.uz- сырт  мәмлекетлерде яки республикада жумыс алып барып атырған сырт ел ҳәм мәмлекетлик емес ЖБОдан мәмлекетлик ЖБОға.

Өзбекстандағы бир ЖБОдан басқа ЖБОға көшириў ушын болса тек 2 категория студентлерге рухсат бар:

Студент турмысқа шықса, өмирлик жолдасының жасаў орнындағы ЖБОға;

Мәмлекетлик хызметкердиң жумыс орны өзгергенде перзенти яки өмирлик жолдасы тийисли басшының усынысы менен оқыўды көшириўи мүмкин.

Өзбекстанның өзиндеги сырт ел ҳәм жеке меншик ЖБО студентлери де мәмлекетлик ЖБОға өтиў ушын имтихан тапсырады.

Бул имтиханда студентлер тийисли кестедеги көрсетилген балларды топлай алса, оқыўды көшире алады.

Өтиў баллын топлай алмағанлар “супер-контракт” пенен қабыл етилиўи мүмкин.

@mandat_javobbot арқалы оқыўды көшириў бойынша пәнлер комплекси, баҳалаў критериялары, өтиў баллары ҳәм супер контракт муғдарлары менен танысыў мүмкин.

Абитуриентлерге оқыўға кириў бойынша берилетуғын жеңилликлер оқыўды көшириўде әмел етпейди.

ӨзА