Өзбекстан ҳәм Қытай Әдиллик министрликлери ҳуқықый хызметлер тараўында бирге ислеседи

Өзбекстан әдиллик министриниң орынбасары Алишер Каримов Қытай Халық Республикасы Әдиллик министриниң орынбасары Ҳу Вэй Ли менен ушырасты.
Ушырасыўда Қытай Халық Республикасы Әдиллик министрлиги менен әдиллик ҳәм ҳуқық тараўында жолға қойылған өз-ара бирге ислесиў байланыслары додаланды.
А.Каримов мийманларға халыққа юридикалық хызмет көрсетиў, соның ишинде, бул тараўда әмелге асырылып атырған кейинги реформалар ҳаққында мағлыўмат берди.
Өз гезегинде, мырза Вэй Ли Өзбекстанда әмелге асырылып атырған реформаларды жоқары баҳалап, Қытай Әдиллик министрлигиниң юридикалық жәрдем көрсетиў ҳәм нотариат тараўындағы тийкарғы ўазыйпалары ҳәм функциялары менен таныстырды.
Тәреплер Өзбекстан ҳәм Қытай арасындағы қатнасықлар жаңа басқышқа көтерилгени, түрли тараўларда ҳәр тәреплеме байланыслар раўажланып атырғаны ҳәм жоқары дәрежедеги өз-ара еки тәреплеме сапарлар буның айқын мысалы екенин атап өтти.
Ушырасыў жуўмағында Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги ҳәм Қытай Халық Республикасы Әдиллик министрлиги арасында ҳуқықый хызметлер тараўында бирге ислесиў ҳаққында Түсинисиў меморандумына қол қойылды.
Бул ҳүжжет шеңберинде тәреплер юридикалық хызмет платформаларын жаратыўда, адвокатлық ҳәм нотариат жумысы, ҳуқықый жәрдем, суд-экспертиза, арбитраж ҳәм коммерциалық медиация тараўларында бирге ислесиўди әмелге асырыўға келисип алды.
Н.Абдураимова,
ӨзА