Ҳәкимшилик тәртип-қағыйдаларын бирден-бир механизми жаратылады

647

Сенаттың жалпы мәжилисинде “Ҳәкимшилик тәртип-қағыйдалар ҳаққында”ғы Нызам додаланды.

Нызамның тийкарғы мақсети -ҳәкимшилик актлерди қабыл етиў, өзгертиў, орынлаў ҳәм бийкарлаўға қаратылған ҳәкимшилик тәртип-қағыйдаларды әмелге асырыў тараўындағы қатнасықларды тәртипке салыўдан ибарат.

Бул Нызамның қолланылатуғын тараўы кеңейтилмекте. Нызам салық, бажыхана, мәмлекетлик қадағалаў ҳәм тексериў, пуқаралардың пенсия тәмийнаты, әскерий дизимге алыў ҳәм әскерий хызметке шақырыў, қаланы қурылыс жағынан режелестириў, жер участкаларын ажыратыў ҳәм алып қойыў сыяқлы тәртип-қағыйдаларға байланыслы  қолланылыўы белгиленбекте.

Нызам өз басымшалықты ҳәм ўәкилликтен пайдаланыўды қадаған етиў, ҳуқықты қолланыўдан бас тартыўға  жол қоймаслығы сыяқлы жаңа принциплер менен байытылды.

Әмелдеги принциплерге анық ҳәм толық сыпатлама берилди.

Бул нызамның қабыл етилиўи физикалық ҳәм юридикалық тәреплер менен мәмлекетлик уйымлар арасындағы қатнасықларды анық белгилеўге, олардың ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплерине мәмлекетлик уйымлардың хызметкерлери тәрепинен жеткерилиўи мүмкин болған нызамсыз ҳәрекетлерден қорғаўға, ҳәкимшилик тәртип-қағыйдалардың бирден-бир механизми жаратылыўына хызмет етеди.

Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

ӨзА