Өзбекстан делегациясы “Ҳаял-қызлар, тынышлық ҳәм қәўипсизлик” регионаллық семинарында қатнасты

Орайлық Азия мәмлекетлери ўәкиллери ушын регионаллық семинар болып өтти. Вена қаласында болып өткен әнжуманда “Ҳаял-қызлар, тынышлық ҳәм қәўипсизлик” күн тәртибин әмелге асырыў бойынша миллий ҳәрекетлердиӊ режелери додаланды.
Семинарда Қазақстан, Қырғызстан, Тәжикстан, Түркменстан ҳәм Өзбекстан ҳүкиметлери ҳәм пуқаралық жәмийети институтларыныӊ экспертлери ҳәм ўәкиллери қатнасты.
Илажда гендер теӊлигин тәмийинлеў, тынышлық ҳәм қәўипсизлик мәселелеринде ҳаял-қызлардыӊ ролин күшейтиўге қаратылған Миллий ҳәрекет режелерин ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыў мәселелери толық додаланып ҳәм тәжирийбе алмасылды.

Атап айтқанда, Олий Мажлис Сенаты ағзасы Гулнора Маруфова мәмлекетимиздиӊ усы тараўдағы табыслары, қәўипсизлик ҳәм тынышлықты сүйиў тараўындағы қарарларын қабыл етиў процесслерине гендер тәреплерди интеграциялаўға қаратылған табыслы тәжирийбе менен ортақласты.
Ҳаял-қызларды тынышлық сүйиўшилик операцияларында қатнасыўға тартыў ҳәм қелиспеўшиликлерди шешиў бойынша тәжирийбе алмасыў додалаўдыӊ тийкарғы мәселелеринен бири болды. Бул процессте ҳаял-қызлар дусласып атырған тосықларды сапластырыў усыллары ҳәм оларды барлық дәрежедеги қарараларды қабыл етиў процесслерине жедел тартыў жоллары додаланды.
Семинар жуўмағында қатнасыўшылар тәрепинен миллий ҳәрекетлер режелерин раўажландырыўды даўам етиў ҳәм жетилистириў, сондай-ақ, “Ҳаял-қызлар, тынышлық ҳәм қәўипсизлик” күн тәртибин әмелге асырыўда Орайлық Азия мәмлекетлери арасындағы бирге ислесиўди беккемлеў бойынша усыныслар ислеп шығылды.
Н.Абдураимова, ӨзА