Адвокатура тараўындағы жумыслардыӊ нәтийжелилигин арттырыў ушын адвокатлық структураларыныӊ жумысы жетилистирилмекте.

Усы мақсетте, “Адвокат стажёры ҳәм адвокат жәрдемшисиниӊ жумысын шөлкемлестириў тәртиби ҳаққында реже” жаӊа редакцияда таярланды ҳәм тастыйықланды.

Ҳүжжет тийкарында адвокатураға жумысқа кириў жеӊиллестирилди. Енди стажёр тәрепинен стажировка өтеў ушын берилетуғын ҳүжжетлер дерлик еки есесге азайтылды.

Стажировка дәўиринде режени тастыйықлатыў, реферат таярлаў, оны қорғаў, жумыс бойынша баянат жазыў, жазба есабатлар таярлаў сыяқлы бюрократиялық тосықлар бийкар етилди.

Соныӊ менен бирге, режеге муўапық, стажёр ҳәм жәрдемши суд яки тергеў уйымларыныӊ рухсаты тийкарында адвокат пенен биргеликте судта яки тергеў уйымларында қатнасыў ҳуқықы берилди.

Стажёрларға оеки жумысты қатар ислеў тийкарында стажировка өтеўге рухсат берилди. Стажёрға басшы болған адвокат лицензиясыныӊ әмел етиўи тоқтатып турылған яки жуўмақланған стажёр стажировканы басқа адвокатлық структурасында даўам еттириўи мүмкин.

Адвокат стажёры ҳәм адвокат жәрдемшисиниӊ жумысы бойынша еки уйымлық нормативлик-ҳуқықый ҳүжжет унификацияланды.

Алдын адвокатлық структураларында стажировка өтеў ушын 6 дан аслам (айрым жағдайларда оннан да көп) ҳүжжет берилген. Сондай-ақ, стажировка өтеў даўамында реже тастыйықлатыў, реферат таярлаў ҳәм оны қорғаў, жумыс бойынша баянат жазыў, жазба есабатлар таярлаў талап етилген. Бул болса, артықша ўақыт жумсалыўына ҳәм әўерегершиликке себеп болатуғын еди. Буннан тысқары, стажёрдыӊ еки жумысты қатар ислеў тийкарында жумыс ислеўи да мүмкин емес еди. Енди бул қолайсызлықлар сапластырылды.

 Н.Абдураимова,  ӨзА