Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети «Санлы технологиялар тараўындағы перспективалы стартап жойбарларын қоллап-қуўатлаў ҳәм тараўдағы ири шөлкемлердиң жумысын экспортқа бағдарлаўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында» қарар қабыл етти.

Оған муўапық, 2024-жыл 1-июльдан баслап санлы технологиялар тараўында IT-билимлендириў хызметлерин көрсетиў, программалық өнимлер ислеп шығарыў ҳәм экспортқа бағдарлаў бойынша жойбарларын қоллап-қуўатлаў ушын ҳәр жылы өткерилетуғын таңлаў тийкарында Программалық өнимлер ҳәм мәлимлеме технологиялары технологиялық парки арқалы төмендеги позициялар бойынша 1 миллиард сумға шекем грантларын ажыратыў системасы енгизиледи:

перспективалы идеяға – 150 миллион сум;

жергиликли базарға қәнигелескен жойбарға – 300 миллион сум;

дүнья базарына қәнигелескен жойбарға – 1 миллиард сум.

Қарар менен :

 санлы технологиялар тараўында стартап жойбарларын қоллап-қуўатлаў ушын таңлаў өткериў;

таңлаў қатнасыўшыларына қойылатуғын талапларды белгилеў;

таңлаў қатнасыўшыларын баҳалаў ҳәм грант ийелерин анықлаў;

таңлаў нәтийжеси бойынша грантлар ажыратыўды нәзерде тутатуғын реже тастыйықланды.

Сондай-ақ, бул қарар менен Санлы технологиялар тараўында стартап жойбарларын таңлаў ҳәм грант ажыратыў бойынша таңлаў комиссиясының қурамы да тастыйықланды. Комиссияның ўазыйпасы:

таңлаўды шөлкемлестириў ҳәм өткериўге байланыслы тийисли қарарлар қабыллаў, таңлаўды өткериў мүддетлерин белгилеў;

таңлаў шеңберинде қаржыландырылатуғын жойбардың нәтийжелилигин баҳалаў ҳәм мониторинг етиў;

таңлаў шеңберинде қаржыландырылатуғын стартап жойбарын экономика тармақлары ҳәм тараўларына енгизиўге жәрдемлесиўден ибарат болады.

Қарарға бола «Дастурий маҳсулотлар ва ахборот технологиялари технологик парки дирекцияси» МЧЖ таңлаў комиссиясының жумысшы уйымы есапланады.

IT-паркке таңлаў басқышларын шөлкемлестириў ҳәм таңлаў нәтийжелериниң ашық-айдынлығының баҳаланыўы ушын жойбардың нәтийжелилигин баҳалаўдан өткериў бойынша өз қаржылары есабынан ең жақсы усынысларын таңлап алыў жолы менен анықланған санлы технологиялар тараўында хызметлер көрсетиўши сырт елли (халықаралық) шөлкем менен шәртнама дүзиў ҳуқықы бериледи.

2024-жыл 1-июльға шекем таңлаў шеңберинде қатнасыўшыларды дизимге алыў, жаңалықларды сәўлелендирип барыў, грант қаржыларын алыў ушын мүрәжат етиў (арза жибериў), мүрәжат процесин бақлап барыў ҳәм таңлаўға байланыслы басқа да мағлыўматларды жайластырыўға мөлшерленген арнаўлы платформа иске қосылады.

2024-жыл 1-октябрьден баслап жәми дәраматы календарьлық жыл даўамында 100 миллиард сум ҳәм оннан жоқары болған IT-парк резидентлери ушын экспорттың минимал көрсеткишлери ҳәм бул көрсеткишлерден келип шыққан ҳалда олар тәрепинен IT-парк дирекциясына жәми дәраматынан өткерилетуғын ажыратпалардың дифференциалластырылған муғдары енгизиледи.

ӨзА