Олий Мажлис Нызамшылық палатасыныӊ гезектеги мәжилиси болып өтти. Онда бир қатар нызам жойбарлары көрпи шығылды.

Мәжилисте дәслеп балаларды зорлықтыӊ барлық түрлеринен қорғаў тараўындағы мүнәсибетлерди тәртипке салыўға қаратылған нызам жойбары екинши оқыўда статьяма-статья көрип шығылды.

– Мәмлекетимизде ҳаял-қызлар ҳәм балалардыӊ ҳуқықлары менен мәплерин исенимли қорғаўға үлкен әҳмийет қаратылмақта, – деди депутат Дилбар Мамажонова. – Бул нызам менен әмелдеги нызамшылыққа “шаӊарақлық (руўзыгершилик) зорлық” түсиниги киргизилип, бундай қылмыслар ушын тийисли түрде ҳәкимшилик ҳәм жынайый жуўапкершилик белгиленбекте, балаларға жынысый жынаятлар ушын жуўапкершилик және де күшейтиледи. Балалар мәселелери бойынша комиссиялардыӊ жумысыныӊ ҳуқықый тийкарларын беккемлеў бойынша өзгерислер киргизилди.

Нызам жойбарын екинши оқыўға таярлаў процесинде сиясий партиялардыӊ фракциялары, депутатлар тәрепинен белгиленген бир қатар усыныс ҳәм мәсләҳәтлер жумысшы топар мәжилислеринде тереӊ талланып, олардыӊ айырымлары ҳүжжет текстинде сәўлелендирилди. Атап айтқанда, балаларды зорлықтыӊ барлық түрлеринен қорғаўға байланыслы жумысты әмелге асыратуғын субъектлердиӊ қатарына Балалар мәселелери бойынша миллий комиссия, Өзбекстан Республикасы Миллий Гвардиясы ҳәм мәмлекетлик емес билимлендириў шөлкемлери де киргизилди.

Онда балаларды зорлықтан қорғаў жумысын тиккелей әмелге асыратуғын мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер Балалар мәселелери бойынша миллий комиссия тәрепинен муўапықластырылатуғыны, Социаллық қорғаў миллий аентлиги комиссиясыныӊ жумысшы уйымы, қалаберди, нызамныӊ орынланыўын тәмийинлеў бойынша ўәкилликли уйым етип белгилениўи усыныс етилмекте. Сондай-ақ, нызам жойбарында балаларға да қорғаў ордерин бериў усыныс етилмекте.

Билимлендириў, тәрбия, балаларды саламатландырыў, спорт ҳәм дөретиўшилик шөлкемлерде ислеў ҳәм балалар менен тиккелей ислесиўди нәзерде тутатуғын жумыс түрлери менен шуғылланыўы қадаған етилетуғын шахслардыӊ шеӊбери кеӊейтилмекте. Буннан тысқары, жойбарда балаларды зорлықтан қорғаўда ата-аналардыӊ қатнасыўы ҳәм олардыӊ миннетлемелери белгилеп қойылмақта. Ата-аналардыӊ (олардыӊ орнын басыўшы шахслардыӊ) балаларды тәрбиялаў усыллары – менсинбеў, аяўсызлық, қопаллықтан, адамгершилик қәдир-қымбатты кемситиўши мәмиледен, балаларды ақыретлеў яки эксплутациялаўдан аўлақ болыўы керек екени белгилеп қойылмақта.

Соныӊ менен бирге, зорлықтан жәбирлениўши ҳәм оныӊ нызамлы ўәкили материаллық зыянныӊ орнын қаплаў ҳәм руўхый зыянды компенсациялаў ҳаққындағы арза менен судқа мүрәжат еткенде, мәмлекетлик бажы төлеўден азат етилиўи белгиленбекте, -деди баянатшы.

Статьяма-статья додалаўларда сөз алған депутатлар жойбар бойынша бир қатар сораўларды ортаға таслады. Сондай-ақ, нызам жойбарыныӊ әҳмийети ҳәм зәрүрлиги бойынша сиясий партиялар фракцияларыныӊ да мүнәсибетлери тыӊланды. Халық ўәкиллериниӊ атап өткениндей, ҳүжжеттиӊ қабыл етилиўи балаларға қаратылған зорлықтыӊ жағдайларына компромиссиз мүнәсибетте болыў, зорлық әмелге асырған шахсларға байланыслы жуўапкершиликтиӊ қурамалылығын тәмийинлеўге хызмет етиди.

Додалаўлардан соӊ нызам жойбары депутаталар тәрепинен қабыл етилди.

Муҳтарама КОМИЛОВА,
ӨзА хабаршысы