Қатар мәмлекети мәлимлеме агентлиги – QNA усы мәмлекеттиӊ мийнет министри Доктор Али бин Самиҳ Ал-Маррий Өзбекстан Республикасыныӊ Қатардағы Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Ашраф Ходжаев пенен ушырасқанын жәриялады.

Мақалада тәреплер 2023-жыл 5-6-июнь күнлери болып өткен Өзбекстан-Қатар саммитинде жетекшилер жанында саўда-экономикалық, инвестицияллық, мәдений-гуманитарлық ҳәм басқа тараўлардағы бирге ислесиўди беккемлеўге қаратылған 15 ҳүжжетке қол қойғанын тән алып, атап айтқанда, мийнет қатнасықлары тараўында шериклик ҳаққындағы ҳүкиметлераралық келисимниӊ әҳмийетине айрықша итибар берилген.

Халықаралық мийнет шөлкеминиӊ басламасы менен 2003-жылдан берли белгиленип киятырған 28-апрель – Дүнья жүзилик мийнетти қорғаў күни болып өткен ушырасыўда министр ҳәм елши усы бағдардағы байланысларды қоллап-қуўатлаў жолларын көрип шыққаны атап өтилген.

Муҳаррама Пирматова, ӨзА