Өзбекстан – Оман: тарийхый ҳәм мәдений шериклик

Мәмлекетимиздиӊ елшиси Абдусалом Ҳотамов Оман парламенти төменги палатасы баслығы Халил Ал-Мавалий менен ушырасыў өткерди.
Сөйлесиў даўамында Оман Орайлық Азия мәмлекетлери, атап айтқанда, Өзбекстан менен түрли тараўлардағы қатнасықты раўажландырыў тәрепдары екени, халықларымызға тән тарийхый ҳәм мәдений шериклик өз-ара байланысты және де тереӊлестириўге тийкар болып хызмет ететуғыны атап өтилди. Бирге ислесиўши тәреп өз-ара сапарларды жеделлестириў еки тәреплеме қатнасықтыӊ раўажланыўына салмақлы үлес қосатуғынын атап өтти.
Еки мәмлекеттиӊ потенциалы ҳәм имканиятын иске қосыў, транспорт-логистика, банк-қаржы, туризм сыяқлы бағдарларда биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыў бойынша пикир алысты.
Ушырасыў жуўмағы бойынша парламентлераралық бирге ислесиўди жаӊа басқышқа алып шығыў мақсетинде турақлы қарым-қатнасты даўам етиўге келисилди.
Халықларды бир-бирине жақынластырыў мақсетинде мәдений-гуманитарлық байланысты жеделлестириўге итибар қаратылды. Өзбекстан ҳәм Оман халықларын дәстүрий беккем дослық сезими байланыстырып турады, мәдений илажлар болса руўхыйлығы ҳәм дәстүри оғада жақын халықлардыӊ қатнасығын раўажландырыўға хызмет етеди.
Ушырасыўда гендер теӊлиги, аймақлар арасында тиккелей байланысты беккемлеў, халықаралық шөлкемлер шеӊберинде шерикликти раўажландырыўға келисип алынды.
ӨзА