Өзбекстан Тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў жәмийетлери федерациясының баслығы Жаҳонгир Саримсоқовтың басшылығындағы делегация Тәжикстан тутыныўшылар аўқамының баслығы Илҳом Абидовтың мирәт етиўи менен мәмлекет пайтахты Душанбе қаласында болып тур.

Сапардан гөзленген тийкарғы мақсет еки түрлес шөлкем арасында 2018-жылдың 19-апрелинде қол қойылған өз-ара бирге ислесиў ҳаққындағы меморандум бойынша әмелге асырылған жумысларды таллаў, оны турмысқа және де кеңирек енгизиў ҳәм кейинги жылларда шөлкемлер тәрепинен усы тараўда жыйналған тәжирийбелерди алмасыўдан ибарат.

Сапар шеңберинде мәмлекетлер арасында күннен күнге раўажланып атырған дослық, жақсы қоңсышылық, стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықлары шараятында еки бирге ислесиўши шөлкем арасында тутыныўшылардың ҳуқықлары менен мәплерин қорғаў, олардың трансшегаралық мүрәжатларын көрип шығыў, туризм тараўындағы бирге ислесиў мәселелеринде ашылып атырған жаңа имканиятларды додалаў ҳәм бул бағдарда перспективадағы ўазыйпаларды белгилеп алыў да нәзерде тутылған.

А.Бўриев, ӨзАның хабаршысы