Сенаттың Бюджет ҳәм экономикалық реформалар мәселелери комитетиниң баслығы Эркин Гадоев ҒМДА қатнасыўшы мәмлекетлери Парламентлераралық ассамблеясы жумысшы уйымының видеоконференцбайланыс тәризинде өткен мәжилисинде қатнасты. Онда оннан асдам мәмлекет экспертлери ҳәм нызам дөретиўшилери қатнасты.

Қадағалаў-бюджет комиссиясының мәжилисинде ҒМДАға ағза мәмлекетлер Парламентлераралық ассамблеясының 2023-жыл ушын финанслық миннетлемениң орынланыўы ҳаққындағы қарары ҳәм ҒМДАға ағза мәмлекетлер Парламентлераралық ассамблеясының бюджетине 2024-жылдың биринши шерегинде әмелге асыратуғын жумыслары додаланды.

Мәжилисте ҒМДА Парламентлераралық ассамблеясы кеңесиниң «ҒМДАға ағза мәмлекетлер Парламентлераралық ассамблеясының жумысын қаржыландырыў ҳаққында»ғы қарар жойбары көрип шығылды ҳәм мақулланды.

Мәжилисте ҒМДАға ағза мәмлекетлердиң Жаслар Парламентлераралық ассамблеясы ҳаққындағы нызам жойбары ҳәм оның жумысын қаржыландырыўға байланыслы киргизилген өзгерислер өз-ара келисип алынды.

Буннан тысқары, ҒМДАға ағза мәмлекетлердиң «Дослық аўқамы балалары» халықаралық мәдений-ағартыўшылық форумын қаржыландырыў мәселеси көрип шығылды.

ҒМДА Парламентлераралық ассамблеясы комиссияларының өткен жылдағы жумысының жуўмақларын шығарды.

Норгул АБДУРАИМОВА

ӨзАның хабаршысы