Елимиз өз ғәрезсизлигине ерискен дәслепки жыллардан баслап тарийхый мийрасымызды, үрп-әдет ҳәм дәстүрлеримизди қайта тиклеў, халқымыз, әсиресе жасларымыз арасында динлер аралық кеңпейиллик, миллетлер аралық татыўлық ҳәм өз-ара мийрим-шәпәәт орталығын беккемлеў бағдарында кең көлемли илажлар әмелге асырылмақта.

Соның ишинде, миллий қәдириятларымыз бенен дәстүрлеримиздиң ажыралмас бөлеги болған, муқаддес ислам дининиң адамгершиликли мәнисин өзинде сәўлелендирген Рамазан ҳайытын мүнәсип белгилеўге итибар қаратылмақта. Бунда Өзбекстан Республикасы Президентиниң усы жыл 11-июнь күнги «Рамазан ҳайытын белгилеў ҳаққында»ғы қарары айрықша әҳмийетке ийе болды. Усы қарарға муўапық, Рамазан ҳайытының биринши үш күни елимизде  байрам сыпатында кеңнен белгиленбекте. Байрам күнлеринде «Нураный» қоры, Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларын жумысын муўапықластырыў бойынша Қарақалпақстан Республикалық кеңеси ҳәм басқа да жәмийетлик шөлкемлер тәрепинен тийисли илажлар әмелге асырылмақта.

-Пайғамбарымыз алайҳиссалам «Ким Рамазан оразасын ийман менен саўап тилеген ҳалда тутса, оның барлық гүналары кешириледи»,-деп айтып өткен,-дейди Қарақалпақстан мусылманлар қазыяты қазысы Шамсуддин Бауатдинов.-Соның менен бирге, кимде-ким бул мүбәрек Рамазан айына жетип келсе, өзи наўқас ямаса сапарда болмаса, ораза тутыў оның мойнына парыз есанланады.

Рамазан айында ким Аллаға жақынластыратуғын жақсылық еткен болса, буннан басқа айда орынлаған бир парыз әмел саўабына, ал, бир парыз әмелди ада еткен инсан басқа айда жетпис парызды ада еткен сыяқлы саўапқа ийе болады. Бул айда кимде-ким бир оразадарға ифтарлық берген болса, гүналары кешириледи, өзин дозақ отынан қутқарады. Соның менен бирге бул сабыр айы, оны жуўабы болса жәннет есапланады.

Бул мүбәрек ай көплеген қайыр-сақаўат ислерди, яғный жәрдемге мүтәж инсанлардаң ҳал-жағдайынан хабар алыў, зыярат орынларын абаданластырыў, шаңарақларда меҳир-мириўбет сезимлерин қәлиплестириў, жасларымыздың жетерли дәрежеде билим алыўына итибар қаратыў сыяқлы илажлардың әмелге асырылыўы менен де әҳмийетли. Рамазан ҳайыты бәршемизге қутлы болсын, шаңарақларыңызға аманлық, елимиздиң гүллеп-раўажланыўы жолында әмелге асырып атырған ийгиликли ислериңизде табыслар тилеймиз.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.