Өзбекстанда Азия ҳаял-қызлар форумы болып өтеди

Ҳаял-қызлардың дөретиўшилик потенциалын жүзеге шығарыў, олардың мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик басқарыў ҳәм экономикадағы қатнасыўын және де кеңейтиў бағдарында тәжирийбе алмасыў мақсетинде мәмлекетимиз басшысы Шавкат Мирзиёев БМШ Бас Ассамблеясының 78-сессиясында 2024-жылы Өзбекстанда Азия ҳаял-қызлар форумын өткериў басламасын алға қойған еди.
Бул конференция «БМШ-ҳаял-қызлар» структурасы менен биргеликте усы жылы 13-14-май күнлери Самарқанд қаласында өткериледи.
Форум шеңберинде регион ҳаял-қызларының илим, билимлендириў ҳәм инновациялық жумысларда қатнасыўы ҳәм санлы технологиялардан пайдаланыўы додаланады. Ҳәзирги глобаллық экономикада ҳаял-қызлардың экономикалық имканиятларын кеңейтиў арқалы кәмбағаллықты азайтыў, исбилерменлик, жетекшилик ҳәм инновацияларға тартыў мәселелерине итибар қаратылады.
Форумды жоқары дәрежеде өткериў мақсетинде Олий Мажлис Сенатында Азия ҳаял-қызлар форумын өткериў бойынша шөлкемлестириўши комитети дүзилди.
Форумға таярлық бойынша өткерилген мәжилисте дүнья жүзи экономикасында ең үлкен үлеске ийе мәмлекетлер Азия регионында жайласқаны, билимлендириў, денсаўлықты сақлаў, мәлимлеме технологиялары, экономика ҳәм басқа да көплеген бағдарлардағы жетискенликлер усы мәмлекетлердиң үлесине туўра келип атырғаны атап өтилди.
Сенаттың Баслығы Танзила Норбоева форумда Турақлы раўажланыў мақсетлерине ерисиўде ҳаял-қызлардың қатнасыўы мәселеси көрип шығылатуғыны айрықша әҳмийетке ийе екенине тоқтады. Күш көрсетиўдиң барлық түрлерин сапластырыў, жумыс орынларын ҳаял-қызлар ушын тең ҳәм қәўипсиз етиў, жумыс орнында кемситиў ҳәм күш көрсетиўди сапластырыў мәселелери бүгинги күнде әҳмийетли есапланады.
БМШ ҳаял-қызлар жағдайы бойынша комиссиясының 68-сессиясы қарарларының әмелий орынланыўы, ҳаял-қызлардың экономикалық имканиятларын кеңейтиў, бизнес ҳәм жәмийетте олардың қатнасыўын хошаметлеўде парламентлердиң орны ҳәм ҳаял-қызлардың ҳуқықлары менен мәплерин қорғаўда региондағы ҳүкиметлик емес шөлкемлердиң роли мәселелери де көрип шығылады.
Мәжилисте абырайлы конференцияның шөлкемлестириўши тәреплери, күн тәртиби, сырт мәмлекетлердиң делегациялары менен еки тәреплеме ушырасыўларды шөлкемлестириў мәселелери додаланды. Тийисли уйым ҳәм шөлкемлерге ўазыйпалар белгилеп берилди.
Норгул АБДУРАИМОВА,
ӨзАның хабаршысы