Министрлер Кабинетиниң усы жылы 30-марттағы 181-санлы қарары менен «Киши бизнести үзликсиз қоллап-қуўатлаў» комплекс бағдарламасын әмелге асырыў илажлары ҳаққында» 2024-жыл 20-январьдағы 37-санлы қарарына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилди.
Оған бола, Баҳалаў топарының ҳәр бир ағзасы жойбарларды таңлап алыў ҳәм категорияларға ажыратыў мәселелеринде үш жумыс күнинде өзиниң пикир-усынысларын бериўи шәрт. Топар ағзасы бул мүддет даўамында мүнәсибет билдирмеген жағдайда, ол тәрепинен унамлы шешим берилген деп есапланады. Алдынғы тәртипте бул үш күнлик мүддет белгиленбеген еди. Чиновниклер қәлеген ўақтында қарап, қәлемесе арзалар усы топардың тастыйықлаўынан өтиўде узақ ўақыт қалып кетип атырған еди.
Өзин-өзи бәнт еткен шахслар, өнерментлер, жумысты бөлип алып ислеўшилер ҳәм шаңарақлық исбилерменлик бағдарламалары шеңберинде өз бизнес жойбарларын табыслы әмелге асырған физикалық тәреплер финанслық инструментлерден пайдаланыў ҳуқықын қолға киргизгенде белгиленген тәртипте исбилерменлик субъекти сыпатында мәмлекетлик дизимнен өткерилиўи керек.
Буннан былай өзин-өзи бәнт еткен шахсларға исбилерменлик жумысын баслаў ушын 100 миллион сумға шекем гиреўсиз кредитлердиң 50 процент бөлеги олардың банк карталарына өткерип берилиўи мүмкин.
Ш.Маматуропова,
ӨзА