Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети “Жәмийетшилик пикири тийкарында ислеп шығылған “Мениӊ бағым” жойбарларын қәлиплестириў ҳәм қаржыландырыў тәртиби ҳаққындағы режени тастыйықлаў ҳаққында” қарар қабыл етти.

Оған муўапық, жәмийетшилик пикири тийкарында ислеп шығылған “Мениӊ бағым” жойбарларын қәлиплестириў ҳәм қаржыландырыў тәртиби ҳаққындағы реже тастыйықланды.

Қарарда белгилениўинше ҳәр жылы Өзбекстан Республикасыныӊ республикалық бюджетиниӊ тастыйықланған көрсеткишинен келип шығып, Экология министрлигинде “Жасыл мәкан” улыўмамиллий жойбары илажларына ажыратылған қаржылардан қәлиплесетуғын бюджет шөлкеминиӊ бюджетинен тысқары қоры түринен “Пуқаралар басламасы қоры” жеке ғазна есапбети;

Қарақалпақстан Республикасы Экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериўи министрлиги, Экология министрлигиниӊ ўәлаятлар ҳәм Ташкент қалалық басқармаларында “Мениӊ бағым” жойбарлары шеӊберинде “жасыл бағ” ҳәм “жасыл жәмийетлик парклер”ди шөлкемлестириў бойынша басламалы бюджет арқалы қаржыландырыў қаржылары топланатуғын арнаўлы жеке ғазна есапбети ашылады.

Республикалық бюджеттен ажыратылған қаржылардыӊ кеминде 50 проценти “Мениӊ бағым” жойбарларын басламалы бюджет арқалы қаржыландырыў ушын Қарақалпақстан Республикасы Экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериўи министрлиги, Экология министрлигиниӊ ўәлаятлар ҳәм Ташкент қалалық басқармаларыныӊ арнаўлы жеке ғазна есапбетлерине өткерип бериледи. Онда қаржылар район ҳәм қалаларға теӊ үлеслерде, бирақ 250 млн сумнан кем болмаған муғдарда бөлистириледи.

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеӊеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери бир ҳәпте мүддетте:

“Мениӊ бағым” жойбарларыныӊ жумысын шөлкемлестириў, соныӊ менен бирге, жойбарларды баҳалаў, таӊлап алыў ҳәм олардыӊ орынланыўын мониторинг етиў бойынша район (қала) ҳәкимликлери жанында жуўапкер министрлик ҳәм уйымлардыӊ ўәкиллеринен ибарат қурамда жумысшы топарлары қәлиплестириледи;

2024-жыл ушын, 2025-жылдан баслап болса ҳәр жылы декабрь айында “жасыл бағ” ҳәм “жасыл жәмийетлик парк” шөлкемлестириў ушын белгиленген тәртипте жер майданлары ажыратылады.


ӨзА