Олий Мажлис Сенаты аймақлардың раўажланыўында халық депутатлары жергиликли Кеңеслериниң ролин арттырыўға турақлы итибар қаратылмақта. Усы мақсетте оқыў семинарлары, ушырасыўлар шөлкемлестирилип, олардың жумысының жуўмағы шығарылып барылмақта.

Аймақлардағы сенаторлар, жергиликли Кеңеслердиң турақлы комиссияларының басшылары ҳәм секретариат баслықларының қатнасыўында болып өткен гезектеги онлайн ушырасыўда аймақларды социаллық-экономикалық раўажландырыў бойынша белгиленген илажларды мәнзилли үйрениў ҳәм нәтийжели қадағалаўды әмелге асырыў мәселелерине итибар қаратылды.

Сенаттың Баслығы Танзила Норбоева алып барған семинарда усы жылы 2-февральда қабыл етилген Президентимиздиң «Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары жумысының нәтийжелилигин арттырыў илажлары ҳаққында»ғы пәрманынан келип шығатуғын ўазыйпалар додаланды.

Жергиликли Кеңеслердиң жумысында ушырасып атырған айырым машқалалы мәселелер көрип шығылып, оларды сапластырыў бойынша ўазыйпалар белгиленди.

Аймақларды социаллық-экономикалық раўажландырыўға қаратылған бағдарламалардың орынланыўы үстинен нәтийжели қадағалаў орнатыў мәселелерине жетерли итибар қаратылмай атырғаны атап өтилди.

Сенаттың Баслығы белгиленген ўазыйпалар ҳәм жойбарлардың орынланыўы үстинен нәтийжели қадағалаўды әмелге асырыў, қалаберсе, олардың әмелге асырылыўында жақыннан жәрдемлесиў бойынша ислеп шығылған механизм тийкарында жумысларды шөлкемлестириў мәселесине тоқтады. Онда, кеңес, оның секретариаты турақлы комиссиялары ҳәм депутатлар алдындағы ўазыйпалар бойынша толық түсиник берди.

Буннан былай Президент ҳүжжетлеринде, ҳүкимет қарарларында тийисли «жол карталары»нда ҳәм басқа да нызамшылық ҳүжжетлеринде аймақты социаллық-экономикалық раўажландырыў бойынша белгиленген ўазыйпалар, әмелге асырылатуғын жойбарлар мәнзилли бириктириледи.

Депутатлар тәрепинен бул ўазыйпалардың орынланыўы үстинен қадағалаў орнатылыўы менен бирге, олардың өз ўақтында ҳәм сапалы әмелге асырылыўында атқарыў ҳәкимиятына әмелий жәрдем көрсетиледи.

Бул бағдарда әмелге асырылып атырған жумыслар ҳәр шеректиң жуўмағы бойынша тийисли районлық, қалалық, ўәлаятлық кеңеслери ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң мәжилислеринде сын көзқарастан додаланып барылады. Орынлардағы машқалаларды «мәҳәлле жетилиги» менен биргеликте «район – ўәлаят – республика» дәрежесинде көтерип шығыў ҳәм шешиў системасы жолға қойылады.

Ушырасыўда жумысларды усы система тийкарында үлги сыпатында жолға қойған айырым жергиликли Кеңес ўәкиллериниң пикирлери тыңланды.

Конструктивлик руўхта өткен ушырасыўда додаланған мәселелер бойынша усыныслар билдирилди. Жаңа система бойынша жумысларды биргеликте әмелге асырыўға келисип алынды.

Норгул АБДУРАИМОВА,

ӨзАның хабаршысы