Самарқанд мәмлекетлик ветеринария медиицнасы, шарўашылық ҳәм биотехнологиялар университетиниң Нөкис филиалында “ϴзбекстан улыўма үйимиз” атамасында руўхый-ағартыўшылық илажы болып өтти.

Қатнасыўшылар дәслеп миллий өнерментшилик буйымларының көргизбеси менен жақыннан танысты.

Сөзге шыққанлардың атап өткениндей, бүгинги күни мәмлекетимизде 130 дан аслам миллет ҳәм 16 диний конфессия ўәкиллери беккем аўызбиршиликте жасап, мийнет етип келмекте. Олардың миллий үрп-әдетлери менен салт-дәстүрлерин раўажландырыў, өзлериниң ана тилинде билим алыўы ушын барлық шараятлар жаратылған.

Бүгинги күнде миллетлер аралық татыўлық, динлер аралық кеңпейилликти раўажландырыўға айрықша итибар берилмекте. Тынышлық ҳәм татыўлық бар жерде берекет болады, деп бийкарға айтылмаған. Мине, усындай итибар нәтийжесинде түрли миллет ўәкиллери бир шаңарақ ағзаларындай болып турмыс кеширип келмекте. Сонлықтан бул дослықты сақлаў ҳәр биримиздиң әдиўли ўазыйпамыз болып табылады.

Студент-жаслар тәрепинен шөлкемлестирилген концерт бағдарламасында түрли миллет ўәкиллериниң қосық ҳәм аяқ ойынлары жаңлады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги