Өзбекстан Республикасы Мәденият министри Озодбек Назарбеков Түркменстан Республикасының Өзбекстандағы елшиси Шадурди Мередов пенен ушырасты.
Сөйлесиў ўақтында биргеликте әмелге асырыў режелестирилген бир қатар мәдений илажларға байланыслы мәселелер додаланды.
Атап айтқанда, 2024-жылдың 26-27-март күнлери Түркменстанның Анау қаласында «Түркий дүнья мәденият пайтахты» илажларының болып өтетуғыны белгиленген болып, Өзбекстан Республикасы Мәденият министрлиги басшысының басшылығындағы министрлик делегациясы ҳәм дөретиўшилик топардың Түркменстанға сапары режелестирилмекте. Ушырасыўда сапарға байланыслы шөлкемлестириў мәселелери келисип алынды.
Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң 2024-жыл 19-февральдағы «Уллы түркмен шайыры ҳәм ойшылы Мақтымқулы Пырағый туўылған күниниң 300 жыллығын кеңнен белгилеў ҳаққында»ғы қарарының орынланыўы бойынша нәзерде тутылған ўазыйпалар ҳәр тәреплеме додаланды.
Соның ишинде, Мақтымқулы ҳаққында түркмен кино шеберлери менен биргеликте көркем фильм жаратыў, юбилей мүнәсибети менен шайырдың турмысы ҳәм дөретиўшилик жумысы ҳаққында спектакль сахналастырыў, өзбекстанлы жас атқарыўшылар арасында «Мақтымқулы қосықлары менен айтылатуғын ең жақсы қосықлар атқарыўшысы» республикалық таңлаўын өткериў ҳәм оған ҳүрметли төрешилер сыпатында түркмен қәнигелерин тартыў, уламаның естелигине бағышланған дөретиўшилик кеше өткериў бойынша пикир алысты.
Ушырасыўда тәреплер усы жылы Түркменстанда өткерилиўи режелестирилген «Өзбекстан мәденият күнлери», соның менен бирге, қоңсы мәмлекет халық артистлериниң мәмлектимизге гастроль сапарларын шөлкемлестириў бойынша да келисип алынды.
Озодбек Назарбеков туўысқан халық ўәкиллерин усы жылдың 25-30-апрель күнлери Хийўа қаласында шөлкемлестирилетуғын «Ләзги, 26-28-апрель күнлери Хийўа қаласында шөлкемлестирилетуғын «Мақам көркем өнери» фестивалларында қатнасыў ушын мирәт етти.
Министрликтиң мәлимлеме хызметине бола, ушырасыўда сондай-ақ, Самарқандта болып өтетуғын «Шарқ тароналари» Халықаралық музыка фестивалы, Бақсышылық көркем өнери бойынша халықаралық конференция, Халықаралық өнерментшилик фестивалы, «Уллы жипек жолы» халықаралық музыка фольклор фестивалы, театр фестивальлары ҳәм басқа да илажларда түркменстанлы көркем өнер ўәкиллериниң қатнасыўына итибар қаратылды.
Соның менен бирге, Өзбекстандағы мәденият ҳәм көркем өнерге қәнигелестирилген билимлендириў мәкемелеринде Түркменстан ўәкиллери ушын квоталар ажыратыў, театр тараўында бирге ислесиўди раўажландырыўға байланыслы мәселелер де көрип шығылды.
Н.УСМОНОВА,
ӨзАның хабаршысы