Быйыл Өзбекстан мусылманлары басқармасының басламасы менен Қазақстан, Қырғызстан, Түркия ҳәм Әзербайжан сыяқлы түркий мәмлекетлер Пәтўа кеңеслериниң онлайн мәжилиси болып өтип, уламалар ҳәм тараў қәнигелери тәрепинен Рамазан айы ҳилалын бақлаў бойынша исленип атырған жумыслар, астрономиялық есап-санақ ҳәм мағлыўматлар толық үйренилди.

Сондай-ақ, дүньядағы үлкен пәтўа басқармалары ҳәм астрономия институтлары хабарлары толық көрип шығылып, түркий мәмлекетлер уламалары фиқҳий қағыйдаларға сүйенген ҳалда астрономиялық есап-санақ ҳәм бақлаўларды итибарға алып, ҳижрий 1445-жыл Рамазан айының биринши күни милодий 2024-жыл 11-март, дүйшемби күнине туўра келиўи ҳаққында бирдей пикирге келинди.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң усы жыл 7-март күнги қарарына муўапық мүбәрек Рамазан айының басланыўы 11-март күнине туўра келетуғыны ҳаққындағы Өзбекстан мусылманлары мәкемесиниң мәлимлемеси мағлыўмат ушын қабыл етилип, Рамазан айы усы жыл 11-март күни басланды.

Биз ораза тутыўдың пазыйлети, саўабы, тәртип-қағыйдалары туўралы  Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы, Бахрамаддин Разов пенен сәўбетлесип, қызықтырған сораўларымызға жуўап алдық.

– Сәўбетимизди ораза ҳаққында түсиник бериў менен басласақ. Ораза сөзиниң мәниси не, басқа динлердеги оразалардан айырмашылығы қандай?

– Ораза араб тилинде «сыям» деп аталып, сөзликте бир нәрседен өзин тыйыў мәнисин аңлатады. Ал, шәрият түсиндирмесинде «таң атқаннан қуяш батқанға шекем нийет пенен оразаны ашыўшы нәрселерден өзин тыйыў», ораза есапланады. Рамазан оразасы екинши ҳижрий сәнеде парыз етилген. Алла таала өз кәламында, «Ҳәй ийман келтиргенлер!  Сизлерден алдынғыларға ораза парыз етилгениндей, сизлерге де ораза парыз етиледи. Қәне енди тақыўа қылсаңыз», дейди.

Усы аяттың мазмунына қарап, ораза тазадан пайда болған ибадат емес, ал, бизлерден алдынғыларға да буйырылған ибадат екенин түсинемиз. Ораза руўхый жетикликке жеткериўши, руўхый тынышлықты қәлиплестириўши болғаны ушын да ислам дининен алдын да оразаның анаў ямаса мынаў көринисте болғанлығын көриўимиз мүмкин. Мәселен,  иудаизм дининде қандай да бир мүсийбетке дуўшар болғанда, кеселлик тарқалғанда, қурғақшылық, өрт, сел сыяқлы апатлар келгенде, «алла меннен наразы болды» деп гүманланғанда, руўханыйлар өзин илҳамға таярлағанда ораза тутқан. Христиан дининдеги оразаның айырмашылығы онда ораза ибадаты ҳәр қыйлы дәўирлерде, аймақларда ҳәр қыйлы түрде орынланып келинбекте. Мәселен, айырым аймақларда ораза тутыўшылар тек ҳайўан гөшлеринен тыйылып, ораза тутса, айырымлары мийўе жемейди, ал басқалары ишип-жеўден тыйылады. Соның менен бирге, ишип-жеўден тыйылыў ўақытлары да ҳәр қыйлы болып, 40 саатлық 3-4 саат даўам ететуғын оразалар да болған.

Демек, буннан көринип турғанындай, ислам дининен алдында түрлише көринисте ораза ибадаты болған. Муқаддес динимизде оразадан гөзленген мақсетлер жүдә көп ҳәм әҳмийетли. Ораза инсанда руўхый тынышлық, шүкиршилик сезимлерин оятады, беккемлейди. Ең баслысы инсанда тақыўа пазыйлетлерин пайда етеди. Расулуллаҳ саллалаҳу алайҳи ўа саллам «Ораза – қалқан» деген. Ҳақыйқатында да ол өз ийесин шаҳўат ҳүжиминен, гүналардан, зыянлы болған нәрселерден қорғайды, дозақ отына қалқан болады.

– Ораза тутыўды баслаў ҳәм жуўмақлаў қай ўақытлары болады?

– Бәршемизге белгили ҳижрий-қамарий айлар 29 ямаса 30 күннен ибарат болып, оны анықлаўда айдың жаңадан туўылыўына, яғный таза айға қаралады. Сонлықтан, Рамазан айының кирип келиўинде де, оның жуўмақланыўында да таза айға қаралады. Рамазан айының кирип келиўин жаңа айдың туўылыўына қарап белгилеймиз. Егер, тәбийғый қубылыс себепли айды көриўдиң мүмкиншилиги болмаса, Рамазаннан алдынғы ай Шаъбан айын толық отыз күн деп, кейинги күнди Рамазанның биринши күни деп белгилеймиз. Рамазан айын жуўмақлаў да кейинги айды көриў менен болады.

Бүгинги күнде елимизде ҳәр бир ҳижрий-қамарий айдың басланыўы Өзбекстан мусылманлары басқармасы тәрепинен белгиленеди. Бул мәмлекетимиздиң астрономиялық бақлаў орайы тәрепинен алып барылған бақлаў нәтийжелерине тийкарланып анықланады.

Рамазан оразасын тутқан адам сәҳәрликте мына дуўаны айтады: «Наўайту ан асуўма шаҳро ромадона минал фажри илал мағриби холисол лиллаҳи таала», егер көпшилик болып Рамазан оразасын тутып атырған болса, онда мына дуўаны айтады: «Наўайнаа ан насуўма шаҳро ромадона минал фажри илал мағриби холисол лиллаҳи таала». Бул дуўалар «Рамазан айында (усы айда) таңнан намазшамға шекем қалыс Аллаҳ таала ушын ораза тутыўды нийет еттим (нийет етемен) деген мәнисти билдиреди. Аўыз ашып атырған ўақытта болса «Аллаҳумма лака сумту ўа бика әмәнту ўа алайка таўаккалту ўа алаа ризқика афтарту, фағфирлий я ғоффару маа қоддамту ўа маа аххорту» дуўасы айтылады. Егер көпшилик болса,  «Аллаҳумма лака сумнаа ўа бика әмәннаа ўа алайка таўаккалнаа ўа алаа ризқика афтарнаа, фағфирланаа я ғоффару маа қоддамнаа ўа маа аххорнаа» делинеди.

Аллаҳ таалаға шүкирлер болсын, бүгинги күнде диний китаплардың баспалардан шығарылып атырғаны, ҳижрий-камарий айларының календарьлары, әсиресе, рамазан айы календарының өз алдына ислеп шығылыўы ўатанласларымыздың ораза тутыўын жеңиллестирмекте.

– Ораза ўақтында берилетуғын питир садақасы, аўыз ашар ҳәм басқа да дәстүрлер туўралы түсиник берсеңиз.

– Мүриўбет, татыўлық ҳәм аўызбиршиликти улығлаўшы бул пазыйлетли айда кем тәмийинленген, социаллық қорғаўға мүтәж инсанларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, шаңарақларда ҳәм мәҳәллелерде мийрим-шәпәәт ҳәм өз-ара ҳүрмет орталығын беккемлеў, муқаддес зыярат етиў орынлары, қойымшылықларды абаданластырыўға қаратылған илажларды күшейтиўге айрықша итибар бериледи.

Ханафий мәзҳабында питир садақасы ўәжиб есапланады. Бул садақа Рамазаннан «питир»ге яғный, ендиликте аўзы ашық жүриўге шығыў мүнәсибети менен берилгени ушын да питир садақасы деп аталады. Питир садақасы екинши ҳижрий жылы шәриятқа киргизилген. Басқа садақалар мал-дүньядан қылынса, бул садақа ҳәр адам басына жәрияланған.

Усы жерде зәкат, питир, үсир – барлығы да садақалардың түрлери екенлигин айтып өтиўимиз керек. Зәкат ислам дини негизлериниң бири болып, парыз есапланады. Ал, питир ўәжиб әмел болып, рамазан айында берилетуғын садақа. Үсир – араб тилинде ушр деп аталып, егиннен алынған зүрәттиң оннан бирин садақа етиўге айтылады.

Питирди мал-дүньясы нысабқа жеткен адамлар бериўи лазым болады. Питир садақасы ҳайыт намазынан алдын бериледи. Питир садақасы мискинлерге бериледи, олар оны азық қылып жейди, қуўанады. Питир садақасы ер ҳәм ҳаял-қызларға да, жас ҳәм қартайғанларға да ўәжиб болады. Яғный ана қарнындағы ҳәмиледен тысқары бәрше ушын ўәжиб. Питир садақасын бериў ҳайыт күни таң атыўы менен ўәжиб болды. Бирақ оны рамазан айы басланыўынан-ақ бере берсе болады. Тек ҳайыт намазынан кейинге қалмаўы керек.

– Ораза тутпаўға рухсат болатуғын себеплер ҳәм басқа да тәртип қағыйдалары туўралы мағлыўмат берсеңиз.

– Сапар ўақытында ораза басланып кетсе, қыйыншылық болмаўы ямаса болыўына қарамастан ораза тутпаўы мүмкин, әлбетте, қазасын тутып береди. Сондай-ақ, жүкли ҳаяллар ўақтынша наўқас адамға уқсағаны ушын тутпаўы мүмкин, кейин ала Рамазан оразасының қазасын тутып береди. Тырнақ, шаш ҳәм басқа түклерди алыў менен оразаға зыян жетпейди. Ораза тутқан адам үстине суў қуйып шомылса да болады Уламаларымыз көп суўға кирип шомылыўға рухсат жоқ, дейди. Яғный, канал, ҳәўиз, жап-салмаларда ямаса ваннаға суў толтырып ишине түсип шомылыў қадаған етиледи.

Суў ишке кетип қалыўы менен ораза ашылады, бирақ ықтыярсыз теризде кеткенлиги ушын тек қазасы тутылады. Сондай-ақ, үйде аўқат таярлап атырғанда ораза екенлигин умытып кетип, аўқаттың дузын көрип қойса, кейин шығарып таслаў менен оразасы бузылмайды. Буны билмей қылса, оразасына зыяны жоқ.

Сәўбетлескен: Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги