Санлы технологиялар министрлиги имаратында “Women in Tech Uzbekistan”ныӊ салтанатлы ашылыў мәресими болып өтти. Ҳаял-қызлардыӊ илим ҳәм технологиялар тараўында жетискенликке ерисиўин қоллап-қуўатлап киятырған “Women in Tech” халықаралық коммерциялық емес шөлкеминиӊ бас офиси Парижде жайласқан болып, 48  мәмлекетте филиаллары бар.

Орайлық Азия мәмлекетлери ишинде бириншилерден болып Өзбекстанда бул шөлкем өз жумысын баслады. Ашылыў мәресиминде Санлы технолгиялар министрлигиниӊ жуўапкер хызметкерлери, сырт мәмлекетлердиӊ елимиздеги елшилери, республиканыӊ ири IT-компанияларыныӊ ўәкиллери ҳәм тараўға кызығыўшылар қатнасты.

Илаж шеӊберинде Өзбекстандағы ҳаяллар ҳәм қызлар ушын усы тараўдағы имканиятлардыӊ жыллық режесиниӊ презентациясы, Кеӊесгөйлер кеӊеси презентациясы ҳәм усы Кеӊес ўәкиллери менен технология тараўындағы имканиятлар ҳәм машқалалар, атап айтқанда, гендер мәселелери бойынша панель додалаўлар өткерилди.

Буннан тысқары, Өзбекстандағы жетекши технология компаниялары жетискенликке ерисиў жолындағы өз тәжирийбелери менен ортақласты.

Сырт елли мийманларға өзбек мәдениятыныӊ бай мийрасын жырлаў, оныӊ ески ҳәм халық әмелий көркем өнери, атқарыўшылық дәстүрлери, үрп-әдет ҳәм мәресимлерин көрсетиў мақсетинде мәдений концерт бағдарламасы көрсетилди.

Интерактив тәризде өткерилген илажда қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алыў менен бир қатарда, еӊ жақсы сораў ийелери атап өтилди.

Н.Раҳмонова, ӨзА