Жақында пайтахтымыздағы Өзбекистан Көркем өнер Академиясы Қарақалпақстан Республикалық бөлиминиң көргизбе сарайында елимиз ғәрезсизлигиниң 26 жыллық байрамына бағышланған «Ең уллы, ең әзиз» таңлаўының республикалық басқышы өткерилди.

Өзбекистан Журналистлери дөретиўшилик аўқамы тәрепинен ҳәр жылы турақлы түрде өткерилип киятырған бул таңлаў «Пидайың болғаймыз сениң, Өзбекистан» сүрени астында өткерилип, онда қатнасыўшылар 5 номинация бойынша ана-Ўатанымыздың ғәрезсизлик жылларында ерискен жетискенликлерин сәўлелендириўши ең жақсы дөретпелери менен қатнасты.

Илажда Өзбекистан бийғәрез баспа ғалаба хабар қураллары менен мәлимлеме агентликлерин қоллап-қуўатлаў ҳәм раўажландырыў жәмийетлик фондының директоры А.Абдуллаев ҳәм басқалар шығып сөйлеп, жақында қабыл етилген Өзбекистан Республикасы Президентиниң «Өзбекистан Журналистлери дөретиўшилик аўқамы жумысларын буннан былай да жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарарының әҳмийети, журналистлерге қаратылып атырған итибар туўралы кең түрде сөз етти.

Соң таңлаўда жеңимпаз  деп табылған Б.Султамуратов, С.Гүлимбетов, С.Айтмуратова, Қ.Байниязов, С.Үсенова, С.Алданова, Ә.Асқаров, Г.Якупова, Д.Тәжимуратов, Т.Серимбетов, Ә.Пахратдиновлар шөлкемлестириўшилер тәрепинен Диплом ҳәм қымбат баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.

Сондай-ақ, грант жеңимпазы болған «Әмиўдәрья» журналына, «Қарлығаш» балалар әдебий журналына, «Қарақалпақстан ҳаўазы» газетасына арнаўлы сертификатлар тапсырылды.

 

Тәрбия СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлиги хабаршысы