Өзбекстан Республикасы сыртқы ислер министриниӊ орынбасары Музаффар Мадраҳимов Түркия бирге ислесиў ҳәм муўапықластырыў агентлиги (TIKA) президенти Серкан Кайалар менен ушырасыў өткерди.

Сәўбет даўамында Өзбекстан ҳәм TIKA арасындағы бирге ислесиўдиӊ ҳәзирги жағдайы, Агентликтиӊ мәмлекетимиздеги жумысын және де кеӊейтиў перспективасы бойынша пикир алысылды.

Ушырасыўда 1993-2023-жыллар даўамында TIKA тәрепинен түрли тараўларда улыўмалық баҳасы 600 миллион долларға теӊ 900 ден аслам жойбар ҳәм бағдарлама нәтийжели әмелге асырылғаны атап өтилди. Усы жылы және 13 жойбарды жолға қойыў режелестирилген.

Мәмлекетлик уйымлардағы хызметкерлердиӊ маманлығын арттырыў, имканияты шекленген балалар ушын билимлендириў системасын жетилистириў ҳәм тарийхый естеликлерди реконструкциялаўға қаратылған жаӊа басламаларды алға қойыў бойынша усыныслар көрип шығылды.

ӨзА