Әдиллик министрлиги тәрепинен жасалма интеллект имканиятлары жәрдеминде дәслепки мультфильм таярланды.

“Бажбан ғарры ҳәм басқыншы браконьерлер”  деп аталған мультфильмде тоғайда жасайтуғын тереклер шаӊарағы менен аянышлы ўақыя болғаны гүрриӊ етиледи.

Браконьерлер тоғайға бастырып кирип, тереклерди кесип тасламақшы болды. Сонда оларды қорғайтуғын бажбан әмеки ҳәм нызам қорғаўшылары терекке зыян жеткеретуғынларды қолға алып, жуўапкершиликке тартылыўын тәмийинлейди.

Пүткил дүнья, соныӊ ишинде, Өзбекстанда экологиялық машқалалар ҳәўиж алған, терек кесиў сыяқлы унамсыз жағдайлар ушырасып турған ҳәзирги күнде бул мультфильмниӊ әҳмийетли үлкен.

Тек тәбияттыӊ көрки емес, ал бизлер дем алатуғын ҳаўаны кислород пенен тойындыратуғын тереклерди қәстерлеў идеясы шырайлы түрде сәўлеленген мультфильм тек балалар ушын емес, ал үлкенлерде де жыллы көзқарас қалдырады. Өз гезегинде, фильм әҳмийетли тәрбия қуралы болып хызмет етеди.

Н.Абдураимова, ӨзА