Жаслар дөретиўшилик сарайында Жаслар ислери агентлиги тәрепинен «Жас китапқумар» таңлаўы республикалық финал басқышының 15-19 жас категориясы бойынша жеңимпазларды сыйлықлаў мәресими болып өтти.

«Жас китапқумар» таңлаўы 3 категорияда, соның ишинде, 10-14, 15-19, 20-30 жас арасында мәҳәлле – сектор – район – аймақ – республикалық басқышларда өткерилмекте. Таңлаўда қатнасыўшылар 5 шәрт – «Әдебий шығармалар билимданы», «Оператив сораў-жуўап», «Уллы ойшыл ҳәм жазыўшы», «Поэзия», «Шығарма жазыў» шәртлеринде беллеседи.

Таңлаўда қатнасыў ушын 10-14-жасарлар арнаўлы қәлиплестирилген дизим тийкарында 40 атамадағы, 15-19, 20-30 жасарлар 50 атамадағы өзбек ҳәм жәҳән әдебияты дурданалары, илимий-ғалабалық шығармаларды оқыў белгиленген. Таңлаўда қатнасыўшылардың китапларда алға қойылған Ўатан, шаңарақ ҳәм досларға болған садықлық идеялары, кәмил инсан пазыйлетлери бойынша еркин пикирлеўге айрықша итибар қаратылады.

Соған бола, «Жас китапқумар» таңлаўы республикалық финал басқышының 15-19 жас категориясы бойынша жеңимпазлар анықланды.

Атап айтқанда, 1-орын Қашқадәрья ўәлаятынан Мироншоҳ Нурматовқа, 2-орын Қарақалпақстан Республикасынан Ҳулкарой Қаландароваға, 3-орын болса Әндижан ўәлаятынан Дилнавоз Хайтахматоваға несип етти. Соның ишинде, 1-орын ушын Кобальт автомобили, 2-орынға 50 миллион сум  ҳәм 3-орынға 30 миллион сум ақашалай сыйлық тапсырылды.

Усы финал басқышында қатнасқан барлық қатнасыўшылар 10 миллион сумнан ақшалай сыйлық пенен сыйлықланады.

Гулноза БОБОЕВА,

ӨзАның хабаршысы