2017-2021-жылларда Өзбекистан Республикасын раўажландырыўдың Ҳәрекетлер стратегиясында салық салыў базасын кеңейтиў арқалы салық ҳәкимшилигин әпиўайыластырыў ҳәм салық жүгин избе-излилик пенен азайтыў мәселелери атап өтилген.
Қарақалпақстан Республикасы Мәмлекетлик салық басқармасы баспасөз хызметиниң билдириўинше, өткен дәўир ишинде исбилерменлик субъектлеринде тексериўлерди қысқартыў ҳәм олардың жумысына тийкарсыз араласыўларды сапластырыў бойынша зәрүрли илажлар көрилмекте. Исбилерменлик субъектлериниң жумысын режеден тысқары ҳәм альтернатив тексериў тәртиплери бийкарланып, есаплардың түри және усыныў мүддетлери әпиўайыластырылды.
Усы жылдың 18-июль күни Өзбекистан Республикасы Президентиниң «Салық ҳәкимшилигин түп-тийкарынан жетилистириў, салықлардың ҳәм басқа да мәжбүрий төлемлердиң жыйналыў дәрежесин арттырыў илажлары ҳаққында»ғы Пәрманы қабыл етилди. Президент пәрманы менен салық уйымлары ҳәм ҳақ нийетли салық төлеўшилер арасында оларға ағымдағы салық салыў мәселелерин шешиўде ҳәр тәреплеме жәрдем берген ҳалда, кеңейтилген мәлимлеме алмасыўын нәзерде тутатуғын салық қадағалаўының заманагөй түри – салық мониторинги енгизилетуғын болды.
Ўақтыншалық қаржылай қыйыншылықларға дус келген ҳақ нийетли салық төлеўшилер – хожалық жүргизиўши субъектлерге салық дем алысларын бериў тәризиндеги мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаўдың жаңа түри нәзерде тутылмақта. Сондай-ақ, салық төлеўши тәрепинен зыят төленген салықларды ҳәм басқа да мәжбүрий төлемлерди қайтарыў ямаса есапқа алыў мүддети еки есеге қысқартылмақта.
Салық қадағалаўының тиккелей сөйлесиўлерсиз түрлериниң нәтийжелилигин арттырыў мақсетинде камераллық қадағалаў нәтийжелери бойынша анықланған айырмашылықлар бойынша салық төлеўшилер тәрепинен тийкарлар усынылмаған жағдайда, салықлар ҳәм басқа да мәжбүрий төлемлердиң суммаларын суд тәртибинде өндириў енгизилмекте.
Егер мәмлекетлик салық хызмети уйымы тәрепинен камераллық қадағалаў барысында салық есабатын толтырыўда қәтеликлерге жол қойылғанлығы ямаса усынған салық есабатындағы ҳәм мәмлекетлик салық хызмети уйымларындағы мағлыўматлар арасында айырмашылықлар бар екенлиги анықланса, бул ҳаққында салық төлеўшиге тийисли дүзетиўлер киргизиў талап етилген ҳалда жазба түрде хабар етеди. Салық төлеўши анықластырылған салық есабатын усыныс етиў ушын нәзерде тутылған тәртипте тийисли салықлар ҳәм басқа да мәжбүрий төлемлер бойынша дүзетилген салық есабатын яки анықланған қәтеликлердиң тийкарын талапнама алынған күннен баслап он күн мүддет ишинде усыныўы шәрт.
Салық төлеўшилердиң жумысын камераллық қадағалаўдан өткериўдиң тийкарғы мақсети салық төлеўшилер тәрепинен салық нызамшылығы талапларының бузылыўына жол қоймаў ҳәм алдағы ўақытта қолланылыўы мүмкин болған ҳәкимшилик, жынайый ҳәм қаржылық жаза шараларының алдын алыў, сондай-ақ, салық төлеўшилер тәрепинен мәмлекетлик ҳәм бюджеттен тыс мәмлекетлик мақсетли қорларға салық ҳәм басқа да мәжбүрий төлемлерди өз ўақтында ҳәм толық көлемде түсиўин тәмийинлеўден ибарат. Усыған бола мәмлекетлик ҳәм бюджеттен тыс мәмлекетлик мақсетли қорларға төлениўи тийис болған салықлар ҳәм басқа да мәжбүрий төлемлер суммасының улыўма көлеми ямаса банк кассаларына тапсырылмаған нақ пул қаржылары суммасының улыўма муғдары ҳәм товар-материаллық байлықлары сәйкессизлик суммасының улыўма муғдары ең кем мийнет ҳақының жүз есеси ҳәм оннан да көбирек сумманы қураған салық төлеўшилер алдағы ўақытта өткерилетуғын тексериўлер реже кестеси жойбарына киргизиледи.
Пәрманға муўапық, 2018-жылдың 1-январына шекем исбилерменлик субъектлерин электрон санлы қолтаңба менен, сондай-ақ, салық төлеўшилерге салық уйымларының барлық мәмлекетлик хызметлеринен пайдаланыў имканиятын толық тәмийинлеў бойынша комплексли илажлар әмелге асырылады.
Көрилип атырған усындай кең көлемли илажларға қарамастан республика бойынша бүгинги күнде мал-мүлк ҳәм жер салықларынан жәми 6 миллиард 130 миллион 700 мың сумнан аслам қарыздарлықлар бар болып, булар мал-мүлк салығынан 2 миллиард 648 миллион 200 мың сум, ал, жер салығынан болса 3 миллиард 482 миллион 500 мың сумды қурайды. Мысал ретинде, мал-мүлк ҳәм жер салықларынан ири муғдарда қарызы бар пуқараларды атап өтетуғын болсақ Қоңырат районында жасаўшы пуқара Т.Қалдыбаевтың қарызлары 19 миллион 335 мың 590 сумды, Кегейли районында жасаўшы пуқара Қ.Жәрекеевтиң салықлары 12 миллион 809 мың 502 сумды, Шымбай районында жасаўшы пуқара М.Маткаримовтың салықлардан қарызы 11 миллион 628 мың 598 сумды қурайды. Булардан басқа Қоңырат районындағы «Игилик газ» кәрханасының қарызлары 3 миллиард 274 миллион 600 мың сумды, «Агро хызмет орайы» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң қарызлары 161 миллион 800 мың сумды, Хожели районындағы «Мостоотряд-14» кәрханасының қарызы 1 миллиард 84 миллион 100 мың сумды, Нөкис қаласында «Нөкис темир бетон қурылыс» ЖШЖ қарызы 185 миллион 900 мың сумды, Шымбай районындағы «ЭКС.БАЗА ККНИИЗ» кәрханасының қарызы 97 миллион 600 мың сумды қурады. Бул пуқаралар ҳәм юридикалық шахслардың қарсысына салық кодексинде белгиленген шаралардың көрилиўине қарамастан бүгинги күнге шекем төлеместен келмекте.
Пәрман қағыйдаларының әмелге асырылыўы салық ҳәкимшилигин түп-тийкарынан жетилистириўге хызмет етеди, оның ашық-айдынлығын тәмийинлейди, бул болса, елимиз экономикасының турақлы раўажланыўында өз көринисин табатуғынына гүман жоқ.
Н.Рейпназаров,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы