«Бийтәреплик дослары» топарына ағза мәмлекетлер парламентлери басшыларының биринши ушырасыўы болып өтти.

Видеоконференцбайланыс форматындағы илаж Түркменстан Миллий Кеңеси Мәжилиси тәрепинен шөлкемлестирилген болып, тынышлық ҳәм қарым-қатнасты беккемлеўде парламент бирге ислесиўиниң орнына бағышланды.

Форумда Олий Мажлис Сенатының Баслығы Танзила Норбоева, сондай-ақ, түрли мәмлекетлер парламентлериниң спикерлери, халықаралық ҳәм регионаллық шөлкемлердиң ўәкиллери қатнасты.

Мағлыўмат ушын: Тынышлық, қәўипсизлик ҳәм турақлы раўажланыў жолында «Бийтәреплик дослары» топары Түркменстан басламасы менен дүзилген БМШқа ағза мәмлекетлердиң рәсмий емес бирлеспеси есапланады.

Илажда «Бийтәреплик дослары» топарының тынышлықты беккемлеў жолында көп тәреплеме бирге ислесиўди раўажландырыўда айрықша әҳмийет ийе болып атырғаны, соның менен бирге, парламент ағзалары нызам шығарыўшылар сыпатында тынышлық жолы менен шешим табыў, турақлы раўажланыў ҳәм глобаллық қәўипсизликти тәмийинлеўде айрықша орын ийелейтуғыны атап өтилди.

– Ҳәзирги күнде барған сайын күшейип атырған қәўип-қәтерлер шараятында исеним ҳәм аўызбиршиликти беккемлеў зәрүрлиги артып бармақта, – деди Т.Норбоева. – Социаллық-экономикалық турақлылықты ҳәр тәреплеме тәмийинлеў ҳәм мәмлекетлер арасындағы сыртқы экономикалық байланысларды раўажландырыў халықаралық көлемдеги кең көлемли бирге ислесиўдиң тийкарғы ўазыйпаларына айланып атыр. Бүгинги ушырасыўымызды парламентлердиң көп тәреплеме форматтағы әмелий бирге ислесиўине қосымша сыпатында және олардың мәмлекетлеримиз турақлылығы ҳәм абаданлығы менен үнлес байланыслы болған тынышлық ҳәм қарым-қатнасты беккемлеў бағдарындағы ең әҳмийетли мәселелерди додалаўға тартыў қуралы сыпатында қараймыз.

Қатнасыўшылар парламентлер арасындағы өз-ара бирге ислесиўди раўажландырыўды даўам еттириў әҳмийетли екенин атап өтип, бул күн тәртибиндеги әҳмийетли мәселелер бойынша сәйкес қарарлар қәлиплестириў ҳәм дослық қатнасықларын беккемлеўге хызмет ететуғынына айрықша итибар қаратты.

Илаж жуўмағында «Бийтәреплик дослары» топарына ағза мәмлекетлер парламентлери басшылары биринши ушырасыўының тынышлық ҳәм қарым-қатнасты беккемлеўде парламент бирге ислесиўин раўажландырыўға қаратылған жуўмақлаўшы ҳүжжети қабыл етилди.

Н.Абдураимова, ӨзА