Орайлық Азия халықаралық институтында Кувейт Мәмлекетиниң Өзбекстандағы Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Аҳмад Ал-Жийрон менен ушырасыў болып өтти.

Сәўбет ўақтында еки мәмлекет арасындағы қатнасық түрли тараўларда избе-из раўажланып атырғаны атап өтилди. Кувейт мәмлекетимиздиң Жақын Шығыс регионындағы, әсиресе, жаңа форматтағы Қолтық араб мәмлекетлери бирге ислесиў кеңеси+Орайлық Азия шериклиги шеңбериндеги тийкарғы шериклеринен бири болып есапланады.

Елши Президент Шавкат Мирзиёевтиң «Қолтық араб мәмлекетлери – Орайлық Азия» биринши саммитинде алға қойған басаламалары регионаллық өз-ара байланыслылықты және де күшейтиўге қаратылғанын атап өтти.

Усы көзқарастан жасалма интеллект, жасыл экономика, санластырыў, ақыллы аўыл хожалығы, нано ҳәм биотехнологиялар, туризм, саўда, транспорт, экология, климаттың өзгериўи сыяқлы тараўлардағы бирге ислесиў ҳәзирги процессти раўажландырыўда тийкарғы фактор есапланады. Бул бағдарлар тек ғана регионлараралық бирге ислесиўди беккемлеместен, ал өз алдына мәмлекетлер ҳәм пүткил дүнья жүзилик жәмийетшиликтиң раўажланыўына да үлес қосады.

Ушырасыўда ОАХИ ҳәм Кувейт елшиханасы арасында турақлы мәсләҳәтлесиў өткериў зәрүр екени мақулланды. Бул қәдем әҳмийетли мәселелер, соның ишинде, сиясий сөйлесиўди раўажландырыў, саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық шерикликти кеңейтиў бойынша усыныс ҳәм басламалар ислеп шығыўды додалаў имканиятын береди.

2025-жылы Самарқандта гезектеги «Қолтық араб мәмлекетлери – Орайлық Азия» саммитин өткериў нәзерде тутылғаны итибарға алынса, бул сөйлесиў күн тәртибиндеги әҳмийетли мәселелер бойынша улыўма илажларды таярлаў ҳәм муўапықластырыўда айрықша әҳмийетке ийе екенлиги сөзсиз.

Сөйлесиў жуўмағында Аҳмад Ал-Жийрон ОАХИ ҳәм Кувейттеги жетекши таллаў орайларының бирге ислесиўин жолға қойыўда жәрдем бериўге таяр екенин билдирди.

Ғ.Хонназаров, ӨзА