Телеграмда Украина компаниясы тәрепинен ислеп шығарылған “Антиструмін-Дарниця” препараты сүўрети жәрияланған хабарда , бул дәри қуралынан журтымызда балалар қайтыс болғаны ҳәм бул препаратты қолланбаў ҳаққында нәмәлим кисиге тийисли аудио тарқалмақта.

“Фармацевтика өнимлериниӊ қәўипсизлиги орайы” мәмлекетлик шөлкеми жағдай бойынша төмендегилерди мәлим етеди.

“Хабарыӊыз бар, мәмлекетимизде дәри қуралы медицина әмелиятында қолланылыўы ушын нызамшылыққа муўапық, қағыйда бойынша дәслеп мәмлекетлик дизимнен өткерилиўи зәрүр.

Бул процессте дәри қуралыныӊ тийисли ҳүжжетлери үйренилип, орай лабораториялары тәрепинен оныӊ сапасы, қәўипсизлиги ҳәм нәтийжелилиги тастыйықланғаннан соӊ ғана, унамлы жуўмақлар тийкарында мәмлекетлик дизимнен өткериледи.

Соныӊ менен бирге, дизимнен өткерилген дәри қуралыныӊ ҳәр бир сериясы сертификатластырыў процесинен өтип, ҳәр бир серия өнимге муўапықлық сертификаты рәсмийлестириледи.

Мағлыўмат ушын, аудиохабарға сүўрети жәрияланған Украина компаниясына тийисли “Антиструмін-Дарниця” дәри қуралы мәмлекетимизде мәмлекетлик дизимнен өткерилмеген болып, медицина әмелиятында қолланыўға рухсат етилмеген.

Усы жерде, Фармацевтика өнимлери қәўипсизлиги орайы телеграмда тарқалып атырған аудио бойынша журтласларымыз қәўетерге түспеўин, хабарда айтылып атырған мағлыўматлар ҳақыйқатқа пүткиллей қарсы екенин мәлим етеди.

ЎзА