Экономика ҳәм қаржы министрлигинде Япония Экономика, саўда ҳәм санаат мәмлекетлик министри Рёсуке Козуки басшылығындағы делегация менен ушырасыў өткерилди.

Онда тәреплер өз-ара бирге ислесиўдиң нәтийжелери ҳаққында сөз етти. Атап өтилиўинше, еки елдиң мәмлекетлик секторлары ҳәм исбилерменлик топарлары арасындағы бирге ислесиўди раўажландырыў ҳәм кеңейтиў турақлы әмелий әҳмийетке ийе болмақта. Сондай-ақ, Японияның ири корпорацияларының қатнасыўында өткерилген Өзбекстан – Япония бизнес-форумының нәтийжелилиги, илаж даўамында салмақлы ҳүжжетлер топламына қол қойылғаны айрықша атап өтилди.

– Өзбекстан менен Япония арасындағы өз-ара пайдалы стратегиялық шериклик оғада әҳмийетли. Әлбетте, мәмлекетиңиз санаат потенциалын раўажландырыўда япон компанияларының табысы ҳәм тәжирийбеси қолайлы болады. Итибарлысы, Өзбекстан региондағы ең үлкен ҳәм ең жас инсан ресурсларына ийе ҳәм Орайлық Азиядағы экономикалық раўажланыўдың двигатели – деди мырза Рёсуке Козуки.

Сондай-ақ, ушырасыўда усы жылдың апрель айында Қазақстанда өткерилиўи режелестирилген жоқары дәрежедеги илаж – «Орайлық Азия+Япония» форматындағы мәмлекет басшыларының саммитине таярлықтың барысы додаланды.

Буннан тысқары, Экономика ҳәм қаржы министрлигиниң Япония халықаралық бирге ислесиў агентлиги (JICA) менен мәмлекетлик хызметкерлер, атап айтқанда, ҳәким орынбасарларының маманлығын арттырыў тараўында нәтийжели бирге ислесиў, япон исбилерменлери тәрепинен инвестицияларды хошаметлеў ушын Өзбекстанның жеке меншик секторында қолайлы шараятлар жаратыў әҳмийетли екени ҳаққында да сөз болды.

Насиба ЗИЁДУЛЛАЕВА,

ӨзАның хабаршысы