Мәденият ҳәм көркем өнер тараўы жетилистирилиўи менен Ҳүкиметтиӊ айырым қарарларына өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиледи, айырым қарарлар өз күшин жоғалтады

824

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети “Мәденият ҳәм көркем өнер тараўында мәмлекетлик басқарыўдыӊ жетилистирилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасы Ҳүкиметиниӊ айырым қарарларына өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў, сондай-ақ, айырымларын өз күшин жоғалтқан деп есаплаў ҳаққында” қарар қабыл етти.

Оған муўапық, Өзбекстан Республикасы Ҳүкиметиниӊ айырым қарарларына төмендеги өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиледи:

Өзбекстан Республикасы Ҳүкиметиниӊ айырым қарарларын Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ “Ҳәкимшилик реформалар шеӊберинде мәденият ҳәм туризм тараўында мәмлекетлик басқарыўды нәтийжели шөлкемлестириў илажлары ҳаққында” 2023-жыл 27-июьлдағы ПП-114-санлы Пәрманына муўапықластырыў;

Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ “Миллий нызамшылық базасын комплексли системаластырыў илажлары ҳаққында”ғы 2021-жыл 30-парельдеги ПП-6218-санлы Пәрманына муўапық тараўдағы айырым нызамшылық ҳүжжетлериндеги тәкирарланыў, коллизия, ҳуқықый бослықларды сапластырыў.

Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы ҳүкиметиниӊ төмендеги қарарлары өз күшин жоғалтқан деп есапланады:

Министрлер Кабинетиниӊ “Эстрада қосықшылық көркем өнерин және де раўажландырыў ҳаққында”ғы 2001-жыл 26-июньдағы 272-санлы қарарына 6-қосымша;

Министрлер Кабинетиниӊ “Өзбекстан Республикасы Ҳүкиметиниӊ айырым қарарларына өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында”ғы 2005-жыл 6-июльдағы 156-санлы қарарына қосымшаныӊ 19-статьясы;

Министрлер Кабинетиниӊ “Жаслар мәденияты ҳәм көркем өнер орайы жумысын шөлкемлестириў илажлары ҳаққында”ғы 2014-жыл 14-августтағы 232-санлы қарары;

Министрлер Кабинетиниӊ “Концерт-тамаша жумысын әмелге асырыў тәртибин және де жетилистириў илажлары ҳаққында”ғы 2015-жыл 9-декабрьдеги 354-санлы қарарына 4-қосымша;

Министрлер Кабинетиниӊ 2017-жыл 11-майдағы “Өзбекстан Республикасы Ҳүкиметиниӊ айырым қарарларына өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў, сондай-ақ, айырымларын өз күшин жоғалтқан деп есаплаў ҳаққында”ғы 270-қарарына 1-қосымшаныӊ 56-статьясы;

Министрлер Кабинетиниӊ 2022-жыл 4-апрельдеги “Өзбекстан Республикасы Ҳүкиметиниӊ айырым қарарларына өзгерислер киргизиў ҳаққында”ғы 153-санлы қарарына қосымшаныӊ 344-статьясы.

   ӨзА