Жаӊа Өзбекстан армиясы – мәмлекет қүдирети, шексиз мақтаныш ҳәм садықлық үлгиси

Пайтахтымыздағы “Халқлар дўстлиги” сарайында Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлери дүзилгениниӊ 32 жыллығы ҳәм Ўатан қорғаўшылары күни мүнәсибети менен салтанатлы илаж болып өтти.
Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлери сиситемасыныӊ ўәкиллери Ўатанымыздыӊ даӊқлы тарийхы, күшли жаӊаланыўлар, раўажланыўымыз ҳәм ағартыўшылықтыӊ раўажланыўдыӊ тийкары болған “Жаӊа Өзбекстан” бағында болып, Мустақиллиқ монументине гүллер қойды.
Ўатан қорғаўшылары күни мүнәсибети менен саўлатлы көркем өнер сарайында шөлкемлестирилген салтанатлы илажда мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик ғайраткерлер, әскерлер, шайыр ҳәм жазыўшылар, кеӊ жәмийетшилик ўәкиллери қатнасты.
Сарай фойесинде мәмлекетимиздиӊ әскерий потенциалын, тараўдағы жетискенлик ҳәм жаӊалықларды көрсетиўши көргизбе шөлкемлестирилди.
Ўатанымыз гимни атқарылды.
Өзбекстан Республикасы Президенти, Қураллы Күшлер Жоқары Бас Сәркардасы Шавкат Мирзиёевтиӊ Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлери дүзилгениниӊ 32 жыллығы ҳәм Ўатан қорғаўшылары күни мүнәсибети менен жоллаған байрам қутлықлаўын Өзбекстан Республикасы қорғаныў министри, генерал-лейтенант Баҳодир Қурбонов оқып еситтирди.
Дүньяда жаӊаланып баратырған Өзбекстан сыпатында танылып атырған мәмлекетимизде әскерий тараўды реформалаў, Қураллы Күшлеримиздиӊ потенциалын еле де арттырыў, жасларды әскерий-ўатан сүйиўшилик руўхында тәрбиялаў бойынша жумысларды дәўир талабы дәрежесинде жолға қойыў мәселесине айрықша әҳмийет қаратылмақта.
Әскерлердиӊ жаўынгер таярлығы ҳәм қәбилетин және де арттырыў, оларды заманагөй қурал-жарақ ҳәм әскерий техника менен тәмийинлеў, әскерлердиӊ кәсиплик потенциалын арттырыў, усы бағдардағы билимлендириўди заман руўхына сәйкес тәризде жетилистириў бойынша системалы жумыслар алып барылмақта. Әскерлер ҳәм олардыӊ шаӊарақ ағзаларын күшли социаллық қорғаў мәмлекетимиз басшысыныӊ турақлы итибарында болып келмекте.
Ўатанымыз шегараларыныӊ қол қатылмаслығын, қәўипсизликти тәмийинлеўде, халқымыз турмысыныӊ тынышлығы, парахатшылығын көз қарашығындай қәстерлеп сақлаўда әскерлеримиздиӊ хызметлери оғада үлкен.
Тараўға қаратылып атырған итибардыӊ нәтийжесинде Жаӊа Өзбекстан армиясы мәмлекет қүдирети, шексиз мақтаныш ҳәм садықлық үлгисине айланды. Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ бийлиги тийкарында мәмлекетимиз бойлап өткерилип атырған “Жаӊа Өзбекстан армиясы мәмлекет қүдирети, жоқары мақтаныш ҳәм садықлық үлгиси!” сүрени астындағы әскерий-ўатан сүйиўшилик айлығында бул тәреплер және бир мәрте өзиниӊ айқын сәўлелениўин таппақта.
Салтанатлы илажда атап өтилгениндей, бүгинги қурамалы глобалласыў дәўири мәмлекетимиз әскерлерин ғана емес, ал кеӊ жәмийетшилик, пүткил халқымыздыӊ және де сергек ҳәм қырағы болыўды, мәмлекетимиз келешеги, перзентлеримиздиӊ тәғдирине үлкен жуўапкершилик пенен қараўды талап етпекте. Бул бойынша әҳмийетли ўазыйпалар Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиӊ басшылығында 2023-жыл 22-декабрьде болып өткен Республика Руҳхыйлық ҳәм ағартыўшылық кеӊесиниӊ кеӊейтилген мәжилисинде айрықша атап өтилген еди.
– Балалықтан әскер болыўды әрман ететуғын едим, – деди Айрықша жағдайлар министрлигиниӊ бөлим баслығы, подполковник Нодиржон Истамов. – Бул тараў бизлер ушын тек ғана кәсип емес, ал өмиримиз мазмуны, турмысымыздыӊ бас сүрени болып табылады.
– Ўатанды қорғаў әзелден миллий қәдириятларымыздыӊ ажыралмас бөлеги есапланады, деди Қорғаныў министрлиги әскерлери қурамындағы әскерий бөлим дивизионы командири, майор Акбар Турдиев, – Елдиӊ қол қатылмаслығы, тынышлығы, қәтержамлығы ер жигиттиӊ ар-намысы, абырайы менен тиккелей байланыслы.
Салтанатлы илаж даўамында Ўатанымсыз, тыныш ҳәм абадан күнлеримиз, ғәрезсизлигимиз, мәрт, ўазыйпасына садық әскерлеримизди жырлаўшы көркем-музыкалы бағдарлама көрсетилди.
Салтанатлы илажда Өзбекстан Республикасыныӊ Бас министри Абдулла Арипов, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты Баслығы Танзила Норбоева, Олий Мажлис Нызамшылық палатасы Спикери Нуриддинжон Исмоилов қатнасты.
Назокат УСМОНОВА,
ӨзА