Алдынғы технологияларға қарамастан, дүньяда инсан мийинен өтип кететуғын бирде-бир компьютер жоқ. Илимпазлар көп жыллар даўамында жасалма орган жаратыўға ҳәрекет етип келеди, бирақ, нәтийже оншелли унамлы болмайды. Америкалы қәнигелер мақсетке бираз жақынласа алғанға уқсайды. Индиана университети илимпазлары инсан мийиниӊ тәбийғый тоқымасын электрон компонентлер менен бирлестирип, ҳақыйқый мий сыяқлы ислейтуғын “Brainoware” биокомпьютерин ислеп шығарды.
“Brainoware” бир ўақыттыӊ өзинде есаплаў ҳәм сақлаў ўазыйпасын орынлайды. Жасалма мий әллеқашан математикалық машқалаларды шешиў ҳәм сөйлеўди таный алыў қәбилетине ийе.
Илимпазлар “Brainoware”ны түрли тиллерде 240 аудиожазыў менен тәмийинледи ҳәм биокомпьютерден дурысын табыўды сорады. Тек ғана еки күн ишинде қурылма даўысларды 78 процент анықлық пенен танып алыўды үйренди.
Ойлап табыўшылардыӊ атап өтиўинше, “Brainoware”ны толық мий деп айтыўға еле ерте. Бул тек ғана мийдиӊ дүзилисине еликлеў, бирақ, толық орган емес. Келешекте бундай биокомпьютерли роботлар күшли компьютерлер ушын процессорларды алмастыра алады, сонда олар инсанныӊ ис-ҳәрекетлерин үйрениўи ҳәм еликлеўи мүмкин болады. Бул басқышта “Brainoware” сизге ҳақыйқый мийдиӊ айырым тәреплерин еликлеў имканиятын береди, бул өз гезегинде, илимпазларға тири организмге араласпай нейрон байланысларды үйрениў ушын жәрдем береди, дейди ойлап табыўшы авторлар.
Интернет материаллары тийкарында С.Раҳимов таярлады, ӨзА