Бирлескен Араб Әмирликлериниң Дубай қаласында Бирлескен Миллетлер Шөлкеми климат өзгериўи бойынша конференциясы болып өтти.

Конференция шеңбериндеги парламент сессиясында қатнасқан Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты Баслығы Танзила Норбоева басшылығындағы делегация БАӘ Федерал миллий кеңеси баслығы Сақр Ғобаш пенен сөйлесиў өткерди.

Сөйлесиўде кейинги жыллары Өзбекстан ҳәм БАӘ арасында көп тәреплемели бирге ислесиў қатнасықлары раўажланып, жаңа басқышқа көтерилгени атап өтилди. Еки мәмлекет парламентлери арасындағы байланыслар да избе-изликке ийе болмақта.

Ушырасыўда еки мәмлекет бирге ислесиўиниң кең шеңбери, соның ишинде, сиясий, саўда-экономикалық, климат өзгериўи ақыбетлерин сапластырыў тараўларында ҳәм, әсиресе, парламентлераралық қарым-қатнасты кеңейтиў мәселелери додаланды.

Кейинги жыллары мәмлекетлеримиз арасында өз-ара товар алмасыў 4 есеге өсип, 2023-жыл январь-сентябрь айларында өз-ара саўда 475,7 миллион долларды қурады. Бул көрсеткиш өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда 40 процентке артты.

Елимизде жумыс алып барып атырған БАӘ инвестицияларының қатнасыўындағы кәрханалар саны 5 жылда 2,5 есеге артты. «Жасыл» энергетика, аўыл хожалығы, транспорт ҳәм логистика, туризм инфраструктурасы сыяқлы бағдарларды қамтып алған инвестиция жойбарларының портфели 4 миллиард доллардан асламды қурамақта.

Тәреплер мәмлекетлеримизде бул көрсеткишлерди бир неше есеге арттырыў  имканияты бар екенин, бул бағдарда парламентлер де белсендилик көрсетиўи керек екенлигин атап өтти.

Парламентлераралық бирге ислесиў мәмлекетлеримиз арасындағы барлық дәрежедеги байланысларды раўажландырыўда әҳмийетли механизмлерден бири болып есапланады. Усы мәниде Өзбекстан ҳәм БАӘ парламентлери арасындағы қатнасықлардың үзликсизлигин тәмийинлеў, атап айтқанда, нызам дөретиўшилиги ҳәм парламент қадағалаўы бағдарларында бирге ислесиўди жолға қойыў бойынша пикир алысылды.

Жоқары дәрежеде ерисилген келисимлер тийкарында қабыл етилген «Жол карталары»нда белгиленген ўазыйпалардың орынланыўы үстинен системалы парламентлик қадағалаўды орнатыў, «халық дипломатиясы»ның әҳмийетли тәрепи болып есапланған «дослық топарлары»ның жумысын жанландырыў зәрүр екенлиги атап өтилди.

БМШ, Парламентлераралық аўқам, Ислам бирге ислесиў шөлкеми ҳәм басқа да көп тәреплемели структуралар шеңберинде бирге ислесиўди даўам еттириўге келисип алынды.

Н.Абдураимова,

ӨзА