18-ноябрь – Өзбекстан Республикасының мәмлекетлик байрағы қабыл етилген күн

Әмиўдәрья районындағы 36-санлы улыўма билим бериў мектебинде Өзбекстан Республикасының мәмлекет байрағы қабыл етилген күн мүнәсибети менен руўхый-ағартыўшылық илаж өткерилди.

Илаж даўамында МҚХ шегара әскерий бөлими тәрепинен мектеп оқыўшылары арасында шахмат, шашка, стол теннисинен жарыс шөлкемлестирилип, жеңимпазлар әскерий бөлим командири тәрепинен диплом ҳәм естелик саўғалар менен сыйлықланды.

Соның менен бирге, мектеп оқыўшылары ушын әскерий техникалар көргизбеси болып өтти.

Шөлкемлестирилген илаж шеңберинде мектепти питкериўши жаслар менен сәўбетлесиў шөлкемлестирилди.








Оқыўшылар менен сәўбетлесиў даўамында подполковник О.Мадолимов ҳәм майор А.Акрамов тәрепинен әскерий тараўда алып барылып атырған реформалар, әскерий хизметкерлерге жаратылған шараятлар, МҚХ шегара әскерий бөлимине қараслы «Жас шегарашы»  әскерий академиясы ҳаққында тоқталып өтилип, ол жердеги оқыў процеси, оқыўшыларға жаратылған имканиятлар менен жеңилликлер ҳаққында мағлыўматлар  берилип, оқыўшылар олардан өзлерин қызықтырған сораўларына жуўап алды.

Илаж даўамында мектеп оқыўшылары тәрепинен ана ўатан ҳаққындағы қосықлар айтылды.

 

Ҳ.Кдирбаева,

МҚХ Шегара әскерлери хызметкери.

Қарақалпақстан хабар агентлиги