Президентимиз Шавкат Мирзиёев 2017-жыл 5-июль күни «Жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясаттың нәтийжелилигин арттырыў ҳәм Өзбекистан жаслар аўқамының жумысын қоллап-қуўатлаў ҳаққында»ғы тарийхый пәрманға қол қойды. Усы күннен баслап елимизде жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясат пенен шуғылланатуғын жаңа структура – Өзбекистан жаслар аўқамы жумыс баслады.

Шөлкемниң алдында турған әҳмийетли ўазыйпалар ҳәм оларды жүзеге шығарыў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында ӨзА ның хабаршысы Өзбекистан Республикасы Президентиниң Мәмлекетлик кеңесгөйи, Өзбекистан жаслар аўқамы орайлық кеңесиниң баслығы Қаҳрамон ҚУРОНБОЕВ пенен сәўбетлести.

Қаҳрамон Қўчқарович, жаңа шөлкемге көпшилик жаслар жақсы көз-қарас билдирмекте. Лекин, бираз гүман менен қарап атырғанлары да жоқ емес. Буны өз ўақтында үлкен арзыў-нийетлер менен шөлкемлестирилген «Камолот» жаслар жәмийетлик ҳәрекети барлық жаслардың шын мәнистеги таянышы менен сүйенишине айлана алмағаны менен түсиндириў мүмкин. Бундай жағдайдың қайталанбаўы ушын Жаслар аўқамы қандай жумыслар ислемекте?

Бәринен бурын, жасларды тыңлаў механизмин жолға қоямыз. Бәлентпәрўаз сөзлерди бүгин заман көтермейди. Бундай усыл менен жаслардың жүрегине жол табыў қыйын. Әмелий жумыслар керек. Бурын жаслар шөлкеми жаслардың турмысындағы қандай әҳмийетли машқалаларды додаламасын, олардың көпшилиги сол шөлкемнен ары қарай өтпейтуғын еди. Бир мәрте дәртин, тәшўишин айтқан жигит яки қыз мине, усындай қатнасты көргеннен соң, қайтып бундай шөлкемге исенбейтуғын, өз билгенинше жолында даўам ете беретуғын еди. Жаслар аўқамының шөлкемлестириўшилик структурасында жоқарыдан төменге қарай емес, ҳәр тәреплеме ҳәрекетлене алатуғын механизмди енгизип атырмыз. Яғный, жаслардың пикирин, арзыў-нийетлерин, мақсетин, ең әҳмийетлиси, машқалаларын тыңлап, оларды өз орнында шешиў принципи тийкарында жумыс алып барылады. Шөлкемниң ең төменги буўынындағы жигит ямаса қыздың ортаға таслаған машқаласы, пикир-усыныслары, бәринен бурын, сол район, ўәлаят дәрежесинде шешилиўи зәрүр. Ол жерде шешилмесе, Президент аппараты, Олий Мажлис Сенатының шеңберине алып шығылады. Буннан былай да машқаланы тек ғана үйрениў емес, ал оны шешиў, келешекте алдын алыў жолынан барамыз! Жаслар бизден соны күтпекте. Бүгинги глобалласып атырған турмыс қаншама қыйын болмасын, биз өз келешегимиз туўралы шын жүректен қайғырсақ, Өзбекистан пуқарасы болған бирде-бир жасты итибардан шетте қалдырыўға ҳақымыз жоқ.

– Күни кеше Жас илимпазлар ҳәм Жас исбилерменлер ассоциацияларын, Дөретиўши жаслар аўқамын дүзиў ҳаққында қарар қабыл етилди. Жыл жуўмағына шекем усыған уқсас структуралардың саны 30 ға жетиўи күтилмекте. Ҳәр бириниң жумысын шөлкемлестириў ҳәм алып барыў толық жаслардың ықтиярына берилмекте. Бундай кең көлемли жумысты әмелге асырыўдың жуўапкершилиги де соған жараса болады.

Президентимиз жасларға дөретиўши күш сыпатында қарап, олардың имканиятларына үлкен исеним билдирди. Бәримизди бир мақсет, бир идея бирлестиреди. Барлық басламаның басы қыйын болады. Жаслар жасларға тәсир ететуғын, өз тәғдирин өзи белгилейтуғын, өзлери өзлерине жәрдем берип, қоллап-қуўатлаўына имканият жаратыў ўақты келди. Президентимиз Жаслар аўқамының қурамында Жас илимпазлар ассоциациясы, Жаслар туризми ассоциациясы, Спорт клублары ҳәм фитнес орайлары ассоциациясы, Имканияты шекленген жаслар ассоциациясы, Жасларға социаллық-психологиялық жәрдем көрсетиў орайы сыяқлы структураларды шөлкемлестириўди усыныс еткенде мине, усы идеядан келип шыққан еди. Әлбетте, Аўқам жаңа ассоциацияларға ҳәр тәреплеме әмелий жәрдем көрсетип, жумысын муўапықластырып барады. Қалаберсе, ҳәр бирине олар менен тиккелей ислесетуғын ҳүкимет ағзаларының да бириктирилип қойылыўы оның нәтийжелилигин тәмийинлеўге хызмет етеди. Мәселен, билимлендириў системасындағы жаслар менен Бас министр, жоқары ҳәм орта арнаўлы және халық билимлендириў министрлери, жаслардың исбилерменлигин ҳәм фермерликти қолап-қуўатлаў менен Бас министрдиң биринши орынбасары, Бас министрдиң орынбасары ҳәм Саўда-санаат палатасының баслығы, жаслардың басламаларын қоллап-қуўатлаў менен Президенттиң Мәмлекетлик кеңесгөйи ҳәм мәденият министри турақлы жумыс алып барыўы белгиленди.

Усындай имканиятлар менен шараятлар жаратылған болса да, барлық жумыслардың ҳәрекетлендириўши күши – орынлардағы жаслар аўқамының структурасы болып табылады. Жаслардың таланты менен потенциалын жүзеге шығарыўға ҳәрекет етпесе, жәмийетте абырой-мәртебеге ийе болмайтуғыны сөзсиз. Бирақ, бул тек ғана талантлы ҳәм жанкүйер жаслар дөгерегинде айланшықлаў, дегени емес. Алдынғы қәте-кемшиликлерден жуўмақ шығарып, ҳәр бир жас пенен айрықша ислесип, оларды үйренип, индивидуал қатнас жасаған ҳалда, белсендилер қатарына қоспағанымызша мақсетимизге еристик, дей алмаймыз. Бизиң барлық режелеримиз усыған қаратылған. Мысал ушын, кәсип-өнер колледжинде оқыйтуғын жигит заманагөй мәлимлеме технологияларын жақсы өзлестирген, компьютер бағдарламаларын жарата алады. Оны Жаслар аўқамына тартып, заманагөй электрон қурылмалар ушын жаңа бағдарламалар жазыў, усы саладағы исбилерменлик жумысына бағдарлаў мақсетке муўапық болады. Егер бул исти биз ислемесек, шеттеги жаман нийеттеги күшлер перзентлеримиздиң билими менен талантынан өз мақсети жолында пайдаланады. Сонлықтан жаңа ассоциацияны шөлкемлестирип, енди жумысты жүргизе аларма екенбиз, деген гүман менен жасаўдан көре, бар имканиятларды иске қосып, ертең жүзеге келиўи мүмкин болған үлкен-үлкен машқалалардың алдын алған мақул.

Президентимиз «Камолот» жаслар жәмийетлик ҳәрекетиниң 8V қуралтайындағы шығып сөйлеген сөзинде жасларды мәпдар етиў ҳаққында сөз етти. Бул бағдарда қандай әмелий илажлар көриў нәзерде тутылған?

Биз жас әўладқа тек рәсмий шөлкем ағзалығын емес, олардың мәпин шын мәнисинде қорғай алатуғын мәкеме ҳаққында сөз етип атырмыз. Екинши жағынан, Аўқамға бирлесиўши бирде-бир жигит-қыз басқа заманласларынан кем жуўапкершилик пенен жасамаўы, ислемеўи керек. Жаслар ушын бәрқулла умтылатуғын бир маяк зәрүр. Сонда ғана  биз оларды исендириўимиз, бир мақсетке қарай бағдарлаўымыз мүмкин. Карьера көплеген жаслар ушын әне, сондай тартымлы маяк ўазыйпасын атқаратуғыны тәбийғый. Өйткени, жас кадрлардың потенциалынан ақылға уғрас пайдаланған, оларға исенген ел бәрқулла раўажланып барады. Оған мысалларды өзимиздиң тарийхымыздан да қәлегенимизше табыўымыз мүмкин.

Президентимиз Өзбекистан жаслар аўқамы мәмлекет ҳәм жәмийет ушын басшы кадрларды таярлап беретуғын өзине тән орай болыўы, заманагөй тилде айтатуғын болсақ, жаслар ушын «социал лифт» ўазыйпасын атқарыўы керек, деп айрықша атап өтти.

Пикирлеў бир орында тоқтап турмағаны сыяқлы заман, раўажланыў да үзликсиз ҳәрекетте. Мине, усы процесс пенен теңдей қәдем таслап жүриў, ҳәттеки, ертең не болатуғынын алдын ала көре алыў ушын, бәринен бурын, жаңа пикир, жаңаша көз-қарас зәрүр. Үлкен арзыў-нийетлер менен кирип киятырған ҳәр бир жигит-қызда әне, усы жаңа пикир, унамлы мәнисте «жарылыў эффекти» бар. Олар елимиздиң турмысын, ҳәттеки, раўажланыў гилтин зәрүр тәрепке таўлаў күшине ийе болады. Сонлықтан да бул үлкен потенциалдан ақылға уғрас пайдаланыў айрықша социаллық әҳмийетке ийе. Пидайы жас басшылардың  елимиздиң басқарыў структураларына келиўи шын мәнисинде жаңа руўх, жаңа нәпес алып келеди ҳәм пүткил жәмийетлик турмысқа тәсир етеди. Бундай ғайратлы жасларды мәмлекетимиз басшысы қоллап-қуўатлап, исеним билдирмекте. Өзбекистан жаслар аўқамы шөлкемлеринде өзин унамлы жақтан көрсеткен хызметкерлер Мәмлекетлик басқарыў академиясында билимин ҳәм маманлығын арттырып,  ҳәкимликлер менен министрликлер системасына басшылық лаўазымлары ушын тийкарғы талабанлар болады, деди. Бул жолда дәслепки әмелий қәдем басланды. Мәмлекетимиз басшысының басламасы менен Президент жанындағы Мәмлекетлик басқарыў академиясының жанында Жаслардың машқалаларын үйрениў ҳәм перспективалы кадрларды таярлаў институты шөлкемлестирилмекте. Бул институт тек ғана билимли емес, инталы ҳәм шөлкемлестириўши кадрлардың резервин және жаслардың машқалаларын үйрениўдиң пүтин баслы бир системасын жаратады. Демек, жоқарыда атап өтилгениндей, жасларды қыйнап атырған машқалалар тек ғана орнында шешилип қоймастан, ал олар илимий тийкарланған түрде үйрениледи, мониторинг етиледи ҳәм келешекте бундай машқалаларды жәмийетимизден пүткиллей сыпырып таслаў имканияты пайда болады.

Быйылғы жылдың 1-сентябринен баслап орта арнаўлы, кәсип-өнер билимлендириў мәкемелеринде «жаслар жетекшиси» ўазыйпасы жүкленген хызметкерге орта арнаўлы, кәсип-өнер билимлендириў мәкемелериниң директор қорының қаржылары есабынан жоқары мағлыўматлы оқытыўшы базалық тариф ставкасының 50 проценти муғдарында ҳәр айлық үстеме белгиленеди.

Өзбекистан жаслар аўқамының белсенди ағзасы болған жоқары билимлендириў мәкемелериниң бакалавриат ҳәм магистратура басқышларының студентлерине орташа өзлестириў көрсеткиши 86 процент ҳәм оннан да жоқары болған жағдайда билимлендириў бойынша төлем контракты муғдарының 35 проценти Өзбекистан жаслар аўқамының раўажландырыў қоры қаржылары есабынан төленеди.

Өзбекистан жаслар аўқамы системасында үш жыл ҳәм оннан да көбирек мүддет даўамында белсене ислеп киятырған хызметкерлерге турақ жай сатып алыў ушын ипотека кредитинин басланғыш төлеми Өзбекистан жаслар аўқамының раўажландырыў қоры қаржылары есабынан төленеди.

Елимиздиң жәмийетлик-сиясий турмысында белсене қатнасып атырған жас шаңарақларды буннан былай да қоллап-қуўатлаў, олардың турақ жай ҳәм турмыслық шараятларын жақсылаў мақсетинде 2018-2021-жылларға мөлшерленген Жаслар үйлерин қурыў бағдарламасы ислеп шығылады.

Бул бағдарламада барлық үлкен қалаларда – көп қабатлы, районлардағы аўыллық жерлерде – 1-2 қабатлы үлги жойбарлар тийкарында арзан турақ жайлар жаслардың турақ жайға болған талабынан келип шығып қурылыўы нәзерде тутылған.

– Жас әўладқа итибарсыз қарап болмайды. Олардың тәғдирине бийпарўалықтың қуны үлкен болатуғынына гүман жоқ. Ҳәзирги ўақытта жасларды қыйнап киятырған бир қанша әҳмийетли машқалалар бар. Мәселен, жумыссызлық…

– Ҳақыйқатты айттыңыз. Жаслардың бәнтлигин тәмийинлеў мәселеси биз ушын ең әҳмийетли ўазыйпа болып қалмақта. Ҳәр оқыў жылы тамамланыў қарсаңында ҳәр қыйлы министрликлер, ведомстволар, мәмлекетлик шөлкемлер ҳәм кәрханалар, исбилерменлик структуралары колледж питкериўшилерин жумыс пенен тәмийинлеў бойынша өз имканиятынан келип шығып, шараят, имканият жаратып атырмыз, дейди. Билимлендириў мәкемелериниң жуўапкер адамлары да питкериўшилерди жумысқа орналастырыў ушын жуўырып-жортады. Питкериўшиниң қолында төрт тәреплеме шәртнама, жумыслы болып атыр. Ол, әлбетте, рәсмий мағлыўматларда усындай. Әмелде-ше!

Бүгин елимизде жаслар ушын жаңа жумыс орынларын жаратыў бойынша үлкен жумыслар исленип атырғанын бийкар етпеген ҳалда, айтыў мүмкин, олардың мийнетте шынығып, ҳадал ырысқы-несийбе табыўы, өзиниң шаңарағына, ата-анасына пайдасы тийиўи ушын ҳәмме де бирдей ҳәрекет етип атырған жоқ.

Мәмлекетимиз басшысы усы ашшы ҳақыйқатты бийкарға еслетип өтпеди. Ақыры өзиңиз ойлап көриң, жумыссызлардың көпшилигин колледж питкериўшилери қурайды. 2016-жылы 477 мың 743 жигит-қыз колледжлерди питкерип шыққан ҳәм олардың 438 мың 503 и жумыс пенен тәмийинленген, деген статистика берилген. Президентимиз ҳақылы сораўды ортаға қойды: «Бул санлар қаншелли дәрежеде дурыс? Егер барлық колледж питкериўшилери жумысқа орналасып атырған болса, жумыссыз жаслар қалай пайда болып атыр? Колледж питкериўшилери менен төрт тәреплеме шәртнамаларды атына ғана қол қойып, өзимизди-өзимиз алдап атырғанымыз жоқ па?»

Мәмлекет жас жигит-қызды жумысқа орналастырыўды не ушын соншелли қайғырып атыр! Билимлендириў мәкемеси қағазпазлық ушын ғана ҳәр бир кәрханаға питкериўшини жумысқа орналастырыўды сөйлесип берсе, питкериўши дус келген шөлкемнен шәртнамаға мөр басып бериўди өтиниш етсе, кәрхана өзинде жоқ бос жумыс орны ушын жумыс сорап келген адамның шәртнамасына қол қойса – бундай көз-көреки қатнас кимге пайда, кимге зыян?

Турмыста ким жақсы жасайды? Қолында өнери бар ҳеш қашан сүрникпейди, биреўден кем болмайды. Сол себепли халқымыз бурыннан перзентин балалығынан баслап-ақ исбилерменликке, илаж тийкарында жумыс ислеўге үйреткен. Өнер ийелеўине көмеклескен. Бундай балалар күни келип, өзи еркин мийнет етип, өнери, исбилерменлиги арқалы қәддин тиклейди, шаңарағын мәмлекетти бай етеди. Өнерментшилик бағдарындағы исбилермен жаслардың, әсиресе, қызлардың жумысты үйге алып ислеў менен бәнт болыўы ушын қолайлы шараят жаратып бериў, бул бағдарда бос турған объектлерден жеңилликли шәртлер тийкарында орын ажыратыў, мини-технологиялар, әсбап-үскенелер ҳәм зәрүр әнжамлар орнатып берилиўине ерисиў Өзбекистан жаслар аўқамының ең әҳмийетли ўазыйпаларынан бири болып есапланады. Жас өнерментлерге шийки зат сатып алыў ушын кредит бериў, өз бизнесин баслаған жас исбилерменлер тәрепинен Пенсия қорына төленетуғын қамсызландырыў төлемин алынған кредитлерди қаплаўға жумсаў системасы енгизилиўи усы бағдардағы имканиятларды және де кеңейтеди.

Әне, усындай оғада әҳмийетли турмыслық талаптан келип шығып, мәмлекетимиз басшысы алдымызға үлкен ўазыйпа – жасларды жумыс пенен тәмийинлеў ушын олардың арасында исбилерменликти раўажландырыў, бул бойынша жаңа имканиятлар жаратыў мақсетинде ҳәр бир районның орайында, қалада Жаслар исбилерменлик кластерлерин шөлкемлестириў ўазыйпасын қойды.

– Исбилерменлик кластерлери деген не? 

– Кластер – улыўма жумыс ҳәм хызмет көрсетиў бағдарына ийе, бир-бирин толықтыратуғын, географиялық жақтан бир-бирине жақын кәрханалар топары болып табылады. Кластерлер, әдетте, жергиликли шеңбердеги ҳәр қыйлы шөлкемлердиң қәнигелескен тармағы болып, олардың өндирис ямаса хызмет көрсетиў жумысы екиншисиниң коммерциялық, товар алмасыў, илимий изертлеў яки тутыныў жумысы менен тығыз байланыслы болады.

Президентимиз, әне, усындай исбилерменлик кластерлериниң жумысын жолға қойыў ушын электр энергиясы, тәбийғый газ, суў ҳәм транспорт коммуникациясы, байланыс қуралларына ҳәм интернетке жалғаныў имканияты бар болған аймақларда пайдаланылмай атырған мәмлекетлик объектлер жас исбилерменлерге «ноль»лик баҳада ижараға берилиўин атап өткени бул бағдарда оғада үлкен имканият жаратады. Себеби, буннан кейин барлық аймақларда шөлкемлестирилип атырған экономикалық зоналарда, қалаларда, киши санаат зоналарында Өзбекистан жаслар аўқамының ағзасы болған жас исбилерменлерден ижара ҳақы алынбайтуғын тәртип енгизиледи. Көз алдыңызға келтирип атырсыз ба,  бул жас исбилерменге жумысын әмелге асырып, өзин тиклеп алыўы ушын оғада үлкен имканият, жеңиллик!

– Ашшы болса да, бир ҳақыйқатты тән алыўға туўра келеди: ҳәзирги глобалласыў дәўиринде я мәмлекет, я жәмийетлик шөлкемлер жаслардың ақыл-санасын жат идеялардан, идеологиялардан ҳәм «ғалабалық мәденият» тан толық қорғай алмай атыр. Сизиңше буның себеби неде?

– Жасларымыздың қәлбине қулақ салыў, ой-кеширмелери менен қызықсыныўға жетерлише итибар қаратпадық. Арзыў-нийетлерин сораўды үйрендик те, оларды қыйнап атырған машқалаларды тыңлаўға, дәртине қулақ салыўға итибар қаратпадық. Ең жаманы, «төртинши ҳәкимият» саналған ғалаба хабар қураллары жаслардың тек ғана табысларын сәўлелендириў менен әўере болып, олардың талап ҳәм нийетлерин, машқалаларын алып шығыўды дерлик умытып жиберди.

Бул бойынша Президентимиз «Былайынша қарасаң ҳәмме нәрсе  орнында, әлем гүлистан. Егер ҳәммеси орнында болса, дурыс жолдан адасқан жаслар, жынаятшылық, жумыссызлық қай жерден пайда болып атыр? Неге жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясатқа бийпәрўа қатнаста болып атырған ҳәмелдарлар ҳаққында ғалаба хабар қураллары, бәринен бурын жаслар баспасөзи үндемейди?», деп ҳақылы түрде пикир билдирди. Бул тегиннен емес, әлбетте. Шынында да, қайсы каналға қойсақ та, қайсы радионы тыңласаң та, қайсы баспасөзди оқысаң да, «шаблон» материаллар – көз-көреки, жүзеки өткерилген илажлардан көринислер, жеңил-желпи қосықлар, өзин-өзи мақтаў, сулыў көринислерден басқа ҳеш нәрсе жоқ. Ең жаманы, айырым жасларымыз мақтаныўға өш болып қалды. Оларда машқалаға тик қараў, оны шешиўге урыныў, заманласларын да  соған шақырыўға жигерлилик жетиспей атырғандай. Ақыры жаслардың дәртин, машқаласын олардың өз заманласларына қарағанда жақсырақ билетуғын ким бар?

Сол себепли буннан былай жаслардың арасына кирип барыў ушын үгит-нәсият мәселесине айрықша итибар қаратылады. Онда ең заманагөй технологиялар тийкарында көз-қарасты өзгертемиз, идеялар менен басламаларды тек ғана қағазда емес, әмелде енгиземиз. Себеби жасларымызды аўыз-еки сөзлер менен емес, тек ғана ҳәм тек ғана әмелий жумыс, анық усыныслар менен изимизден ерте аламыз.

-Буған қалай ерисиледи?

– Бәринен бурын, жақын ўақыт ишинде «Жас лекторлар» топары шөлкемлестириледи. Жаслардың өзи заманласларының арасына кирип барады. «Өзбекистан темир жоллары» акционерлик жәмийети менен биргеликте алты вагоннан ибарат «Үгит-нәсият поезды» жолға қойылады. Жас үгит-нәсиятшылар орынларға барып, тек ғана үгит-нәсият жүргизиў менен шекленбей, жәмлеспеген жаслардың да пикирин үйрениў, оларды пайдалы жумысларға тартыў, әмелий жумысларға хошаметлеў, ҳәр тәреплеме жәрдем бериў менен шуғылланады.

Бүгин жаслар дегенде көз алдымызға сулыў болып кийинген, мойнында ямаса қалтасында қымбат баҳалы зат, қуры саўлат емес, жүзинен нур-зыя таралып турған, әдеп-икрамлы пазыйлетине ийе, руўхыйлығы жоқары шахслар келиўи керек. Алдымызда турған ең үлкен мақсет – ўазыйпалардан бири де тийкарынан усы. Жасларды ағартыўшылыққа, китапқа дос етиў. Перзентлеримиз мектеп, лицей ҳәм колледждеги оқыўдан тысқары ҳәр күнин, ҳәр минут бос ўақтын көркем әдебият, газета-журнал оқыўға, билимли болыўға жумсамаса, бул мақсетке ерисиў қыйын.

Өзбекистан жаслар аўқамы интернет системасы арқалы руўхый үгит-нәсият жумысларын, соның ишинде, электрон китапқумарлықты күшейтиўге де айрықша итибар қаратады. Неге дегенде, мәмлекетимиз басшысы айрықша атап өткениндей, перзентлеримиздиң санасы, дүнья қарасы әсирлер даўамында сынақтан өткен, жоқары руўхыйлық ғәзийнеси болған жәҳән ҳәм миллий әдебиятымыз тийкарында емес, ал қандай да бир гүманлы, зыянлы мәлимлемелер тийкарында қәлиплесиўине бийпарўа қарап тура алмаймыз.

Жасларымызды китапқа қайтарыў, китап оқыўға дос етиў тийкарғы ўазыйпаларымыздан бирине айланады. Бул ушын жаслар арасында китапқумарлық мәдениятын арттырыў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласында ҳәр жылы «Ең китапқумар мектеп», «Ең китапқумар мәҳәлле», «Ең китапқумар шаңарақ» сыяқлы бағдарларда таңлаўлар өткериледи. Жеңимазларға елимизде ислеп шығарылған автомобильлер сыйлық ретинде бериледи. Ол, исенимим кәмил, китап оқыған инсан машина минеди, деген гәп ертек, ямаса қыялый нәрсе емес, әйне ҳақыйқат екенин дәлиллейди ҳәм жасларда китап оқыўға деген умтылысты күшейтеди.

Президентимиздиң «Китап дүньясы» дүканлары тармағын Өзбекистан жаслар аўқамы қарамағына өткериў, жас дөретиўшилердиң китапларын, жаслардың басылымлары – «Туркистон», «Молодёжь Узбекистана» газеталары, «Ёш куч» журналларын басып шығарыў ушын «Жаслар баспа үйи»н шөлкемлестириў сыяқлы тапсырмаларының орынланыўы нәўқыран әўладымыздың руўхый-мәдений турмысында үлкен өзгерислер енгизиўи тәбийғый.

– Енди жаслар аўқамы жәмлеспеген жаслар ушын да жуўапкер шөлкем есапланады. Олар менен ислесиў механизми қалай болады?

– Президентимиз «Камолот» жаслар жәмийетлик ҳәрекетиниң IV  қуралтайындағы «Физикалық ҳәм руўхый жақтан жетик жаслар – ийгиликли мақсетлеримизге жетиўде таянышымыз ҳәм сүйенишимиз болып табылады» атамасындағы баянатында жәмлеспеген жаслар мәселесине айрықша итибар қаратты. Шынында да, жынаятшылыққа бейим, профилактикалық есапта туратуғын жаслар итибарымыздан, мийрим-шәпәәтимизден, қадағалаўымыздан шетте қалған еди. Олардың ҳәр бириниң кеўлине өз ўақтында жол тапқанымызда, мийрим-шәпәәтимизди әмелде көрсетип, сөзимизге исендире алғанымызда бүгин оларды жынаятшы аты менен атамаған болар едик. Лекин, бир ҳақыйқат бар, соны да ҳәр ким өз жүрегине терең сиңдириўди қәлер едим: баланың жаманы, жаты болмайды. Ҳәммеси усы елдиң перзенти – бизиң перзентлеримиз! Оларға өз баламыздай қатнаста болыўды үйренбесек, көп жағынан уттырамыз.

Және бир категориядағы жаслар муқаддес динимизди надурыс түсиниўи ақыбетинде жаман жолларға қәдем таслады. Негизинде дин деген не өзи? Оның негизги мәниси неден ибарат? Динниң мақсети не? Усы сыяқлы түсиниклер ҳаққында перзентлеримизге дурыс және қалыс мағлыўмат бере алдық па? Ҳеш болмағанда, перзентимиздиң минез-қулқында өзгерис пайда болып атырғанын сезиўимиз керек емес пе еди? Не деген уллы бабаларымыз адамзат прогресине үлкен үлес қосқан, Бухарий, Термизий, Мотуридий, Марғиноний сыяқлы инсанлар әне сол тәлийматты пуқта үйренип, пүткил инсаният ушын пайдалы бай илимий мийрас қалдырғанының мазмунын жасларымызға дурыс түсиндириў бизиң тийкарғы ўазыйпамыз емес пе? Жасларымыз олардың аты менен қуры мақтанып жүре бериўдиң орнына әмелий жумысқа өтиў пайыты әлле қашан келген. Бухарийдиң ең болмағанда бир ғана китабының толық атын айтып бере алмаған бала қалайынша өзин Бухарийдиң мийрасқорыман ямаса Бухарий әўладынанман, деп айта алады?

Президентимиз өз баянатында дүнья мәдениятының раўажланыўына шексиз үлес қосқан уллы бабаларымыздың мийрасына ҳүрмет, соған мүнәсип болыў сезимин қәлиплестириў, бул бийбаҳа байлықты терең үйрениўге және кеңнен үгит-нәсиятлаўға қаратылған мазмунлы, тәсиршең жойбарларды әмелге асырыўда Жаслар аўқамы инталылық көрсетиўи зәрүрлигин атап өтти. Биз келешекте бул жумыстың анық механизмин ислеп шығыўымыз, бәринен бурын, усы системада жумыс ислеп атырғанларға жеткериўимиз, соң елимиздеги барлық жаслардың ақыл-санасына сиңдириўимиз зәрүр. Дүньяда айырым бир жаман нийетли категориялар өзиниң жеркенишли мақсетлерине ерисиў ушын дин факторынан шеберлик пенен пайдаланып атырған нәзик бир дәўирде бабаларымыздың мийрасы мысалында ҳәм динди, ҳәм руўхыйлықты, ҳәм әдеп-икрамлылық және хош муләйымлылықты үйрениў кеўилдегидей болады. Бул бизиң жаўызлыққа қарсы ағартыўшылық пенен гүресиў қуралымыз да болып есапланады.

– Жасларымыздың белгили бир бөлеги шет елге шығып кетпекте. Жағдайды дурыслаў бойынша қандай усынысларыңыз бар?

– Айырым жаслардың нызамсыз түрде шет елге шығып кетип атырғаны ҳәм бул көрсеткиш жылдан-жылға артып атырғаны мәселениң мәнисине толық жетип бара алмай атырғанымызды көрсетеди. Пайыты келгенде сабаққа қатнаспай атырған оқыўшысының қай жерде жүргенин билмейди, деп оқытыўшыны, жас өспиримниң унамсыз ҳәрекетинен хабарсыз, деп колледж психологин, аймағындағы шаңарақлардың жағдайы менен таныс емес, деп мәҳәллениң жуўапкер адамларын айыплы, деп есаплаймыз. Лекин, бир шаңарақта, бир үйде жасап атырған улы ямаса қызының бир неше күннен берли үйде жоқлығын да «сезбейтуғын» яки перзентиниң жаман ис-ҳәрекетинен хабардар болса да, бирде-бир илаж көрип, оны дурыс жолға баслаўға уқыпсыз, бийпарўа, жуўапкерсиз ата-аналарға не деўимиз мүмкин? Егер олар перзентиниң тәғдири ушын жан күйдиргенде, бир неше мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес шөлкемлер ушын жәмийетте жаңа машқалалар пайда болмас еди.

Айырым жаслар шет елде ислеў арқалы өзиниң, шаңарағының турмысында материаллық абаданлықты тәмийинлеўди мақсет етеди. Турақ жайға ийе болыў, машина сатып алыў, заманагөй үй-руўзыгершилик әнжамлары, турмыслық техника, мебель үскенелери сыяқлы турмыслық талапларға айлық мийнет ҳақы менен ерисиў мүшкил екенлигин сылтаўлайды. Бул бағдарда мәмлекет көрсетип атырған социаллық қорғаў принципи, тилекке қарсы жаслар аудиториясын толық қамтып ала алмаған. Қала берди, мәмлекеттиң жасларға көрсетип атырған итибары ҳәм ғамқорлығы айырым лаўазымлы адамлардың айыбы менен барлық жерде бирдей қалыс және әдалатлы орынланбай атыр. Бундай итибарсызлықты көрген қаны қайнап турған, тәсиршең жаслар тез өз шешимин қабыллап, пүткил бир мәмлекетти әдалатсызлықта айыплайды. Соң өзинше әдалат ҳәм материаллық абаданлық излеп басқа еллерге жол алады. Ол жерлерде өзиниң абыройы, мәртебеси, ҳәттеки, ар-намысы бүлинип, сергиздан болатуғынын ойлап та отырмайды.

Нажмиддин Қубра сыяқлы уллы бабаларымыз «Я Ўатан, я ығбал-бахытлы өлим», деген идеяны өз өмиринде қолланба етип алып, ҳәр қандай қыйын жағдайда, ҳәттеки, ең қәўетерли демлерде де елден кетпеген. Жақын өтмишимизде жасаған адамлар – Екинши жер жүзилик урыстан кейинги аўыр сынақлы жыллардың азабын тартқанлар еле арамызда көп. Әне, солардың басынан өткерген, гүўасы болған қара күнлердиң ўақыяларын көп еситкенбиз. Ҳәттеки, бир тислем зағара нанға зар болып жасап, гүнжара жеўге шекем барып жеткенде де адамлар басқа жерге кетиў ҳаққында ойлап көрмеген. Оларда ар-намыс, абырой күшли болған.  Өткинши ҳәўесгөйлик, қарын қайғысы ушын басқа елде сергиздан болыўды инсан ушын мүнәсип емес, деп билген. Бүгин мыңлаған перзентлеримиздиң шет елде нызамсыз мийнет мигрантлары болып жүриўлери оларға шаңарақта дәслептен-ақ усы тәрбияны бере алмағынымыздың ақыбети болып есапланады.

Солай екен ҳәр бир жастың тәғдирине айрықша итибар менен қараўымыз, олардың мүнәсип шараятларда оқыўы, ислеўи ушын барлық зәрүр илажларды көриўимиз керек. Заманагөй билим ҳәм кәсип-өнерлерди пуқта ийелеген, еркин пикирлейтуғын, бәрқулла ел-журт тәғдирин ойлаў сезими менен жасайтуғын жаслар ҳәр қандай машқаланы шешиўге, ең қурамалы ўазыйпаларды да орынлаўға уқыплы болады. Бундай жаслар қыйыншылықлардан қорықпайды – ерк-ықрары беккем, ҳәр қандай шараятта да ел-журтына садық болып қала береди. Бизиң бас ўазыйпамыз жасларымызды әне усы руўхта камалға келтириў болып табылады.

ӨзА ның хабаршысы

Абу Бакир ЎРОЗОВ

сәўбетлести.