Экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериўи министри Азиз Абдуҳакимов ҳәм жуўырыў мектебиниң тийкарын салыўшы Андрей Куликовтың басламасы менен Арал теңизинде даўам етип атырған экологиялық апатшылыққа итибар қаратыў мақсетинде спорт илажы өткерилди.

Илаж шеңберинде америкалы белгили ультрамарафоншы Дин Карнасиси Андрей Куликов пенен биргеликте Аралдан 60 километр қашықлықта жайласқан теңиз ҳәм усы региондағы суў ресурсларынан ғалаба пайдаланыў нәтийжесинде қурып қалған «Барса-Келмес» тракти аймағында 42 километр 195 метр аралыққа жуўырды.

Экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериўи министрлиги баспасөз хызметиниң мәлим етиўинше, марафоннан гөзленген мақсет дүнья жәмийетшилигиниң итибарын Арал теңизи экологиялық апатшылығына қаратыў, сондай-ақ, усы жылы 19-23-сентябрь күнлери болып өтетуғын БМШ Бас Ассамблеясының 2023-жылғы сессиясында әҳмийетли глобаллық экологиялық машқалаларға бағышланған додалаўларды қоллап-қуўатлаў ҳәм күшейтиўден ибарат.

4 саат, 51 минут, 18 секунд даўам еткен марафон нәтийжелерине бола, Дин Карнасистиң қәдемлер жыйындысы 43 мың 420, Андрей Куликовта 44 мың 860 болып, жәми 88 мың 280 қәдемди қурады.

Мағлыўмат орнында атап өтиў керек, өткен 2022-жылы Андрей Куликов Арал теңизи түби бойлап 42 км 195 м аралықты 4 саат 9 минутта басып өткен. Арал теңизинде өткерилген марафон регионындағы экологиялық жағдайға үлкен итибар қаратты. Быйыл спорт илажына дүнья жүзине белгили америкалы ультрамарафоншы Дин Карнасис қосылды. Ол марафон дүньясындағы әжайып жетискенликлери, соның ишинде, 2005-жылы уйқысыз 80 саат 44 минут 350 мил (560 км) аралықты басып өткени менен белгили. Оның қатнасыўы илаждың глобаллық әҳмийетке ийе екенин көрсетип береди.

Муҳайё Тошқороева, ӨзА